Елликқала районының Ақшакөл аўылында жайласқан Елликқала аўыл хожалығы кәсипөнер колледжинде Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Р.Раҳматовтың басшылығында жыйналыс болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий вебсайты хабар бермекте.

Жыйналыста Президентимиздиң «Абат аўыл» бағдарламасы ҳаққындағы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бағдарламаға киргизилген 2 мәкан пуқаралар жыйыны, яғный «Ақшакөл» аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм «Чайка» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында ислениўи керек болған ўазыйпалар бойынша тийисли тараў ҳәм шөлкем басшыларына тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги