Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика бағдарының студентлери Қанлыкөл районына медиатур шөлкемлестирди. Район ҳәкимлигиниң басламасы менен өткерилген медиатурда болажақ журналистлер ҳәм олардың устазлары райондағы бирнеше кәрхана ҳәм исбилерменлик субъектлерине сапар етти.

Атап айтқанда, «Хожаназар ахун» пал ҳәррешилик фермер хожалығы, райондағы «Тоқсаныншы жыллар музейи»ниң ашылыў салтанаты, «Kontekstinvest» ЖШЖ, гүнжини қайта ислеўге қәнигелескен «International construction machinery» заводы, «Арба» этномәдений орайы ҳәм жылқышылық ҳәм балықшылыққа қәнигелескен «Алым сейис» фермер хожалықларына саяхат етти.

«Хожаназар ахун» пал ҳәррешилик фермер хожалығы Ҳайтбай Мамутов басшылығында 2012-жылдан жумыс баслаған болып, бул фермер хожалық пәл ҳәррешиликтен бир күнде 6 килограмнан 8 килограмға шекем, ал бир мәўсимде 500 килограмнан аслам пал өндиреди. Дәслеп 10 қутыдан басланған болса, бүгинги күнге келип олардың саны 60 қа жетти. Пәл ҳәррелер тийкарынан жантақ, боян, шеңгел гүллеринен пал алады.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, аналық пал ҳәррелер жумысшы ҳәррелерге қарағанда қанаты келте, геўдеси үлкенирек болады екен. Жумысшы ҳәррелер жүксиз саатына 45 км тезликте ушады, егер жүги болса саатына 30-32 км тезликте үша алады. Қыс мәўсиминде бир қутының иши 36˚қа шекем ыссы болады. Бир күнде 1800-2000 мәйек қояды ҳәм оннан пал ҳәррелер 22 күнде шығады.

Сондайақ, бул фермер хожалығында бағшылық да раўажланған болып, 60 түп мийўе ағашы бар. Оннан алынатуғын мийўе-палыз өнимлеринен 10-15 млн сум дәрамат алмақта.

Медиатурдың басқа объектлери ҳаққында кейинги материалларымызда саўлелендирип барамыз.

 

Парахат Ажимуратов,

ҚМУ журналистика бағдарының 2-курс студенти.