«Үстирт геофизика экспедицияси» филиалы жәмәәти бүгинги күнде Үстирт кеңислиги ҳәм Арал бойы аймақларында шет ел («Лукойл», “Eriell”) компаниялары менен биргеликте тәбийғый жер асты байлықларын излеў ҳәм изертлеў жумысларын алып бармақта. Жақында олар тәрепинен төменги Сүргил кәни ашылып, оны өзлестириў бойынша жумыслар баслап жиберилди.

– Сүргил кәни майданындағы бурғылаў қудықларынан усы күнге шекем 3000 метрлик тереңликке шекемги жоқарғы ҳәм орта юра дәўири қатламларынан газ ҳәм газ конденсаты өнимлери алынып атырған еди. Быйыл жыл басында төменги Сүргил майданында 3650 метрлик тереңликтен, яғный төменги юра дәўири қатламларынан газ ҳәм газ конденсаты өнимлерин ала басладық,-дейди филиал қәнигеси Мақсет Реймов. – Усы төменги Сүргил кәниниң ашылыўы бизлер ушын жаңа жыл саўғасы болды.

Бул майданды таярлаўда сейсмикалық дала партиясы жумысшыларының ҳәм бурғыланған қудықларда атып тесиў жумысларын алып баратуғын кән-геофизика партиясы хызметкерлериниң мийнетлери айтарлықтай болды. Әсиресе, дала партиясы басшыларынан М.Сисенбаев, Е.Бекниязов ҳәм И.Кенжаевлардың хызметлери айрықша. Буннан алдын олардың пидәкерлиги нәтийжесинде кейинги жылларда Арыслан, Инам, Қызыл-Шалы, Сайхун, Бесқала кәнлери ашылған еди.

Соңғы жылларда елимиздиң жанылғы қорын көбейтиў жолларының бири болған нефть ҳәм газ геологиясы тараўына айрықша итибар берилмекте. Буған мысал ретинде Өзбекстан Республиқасы Президентиниң 2017-жыл 2-февральдағы «Үстирт нефть-газли регионында геология-излеў жумысларын жеделлестириў ҳаққында»ғы қарарын айтып өтсек болады.

Сондай-ақ, Президентимиздиң басламасы менен Үстирт нефть-газ регионында геологиялық-излеў жумысларын әмелге асырыў бойынша дүзилген бағдарламаға муўапық 2018-жылда усы регионда алып барылатуғын жумысларды кескин түрде жеделлестириў арқалы және 25  жерде қыдырыў-излеў жумысларын жуўмақлап, тағы 4 перспективалы структураны таярлаў ўазыйпасы турыпты.

Ҳәзирги ўақытта усы бағдардағы жумыслар баслап жиберилди ҳәм Г.Ульпетов басқарған «Үстирт геофизика экспедицияси» филиалы жәмәәти Үстирт қенислиги ҳәм Арал бойы аймақларында еки дала сейсмопартиясы ҳәм бир кән геофизика партиясы жәрдеминде геофизикалық излеў жумысларын алып бармақта.

Ҳәзирги күнде Үстирт регионында 4200 метрге шекемги тереңликте жайласқан төменги юра қатламларынан газ ҳәм газ конденсаты өнимлерин алыға ерисилмекте.

Әдилбай ЖИЙЕМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.