Қарақалпақстан Республикасы Қытай Халық Республикасының Хунань провинциясы менен саўда-экономикалық, инвестициялық, туристлик ҳәм мәдений-гуманитар тараўларда тығыз бирге ислеседи. Жақында Қарақалпақстан Республикасы делегациясының Хунань провинциясына болған сапары шеңберинде қол қойысылған меморандум усы мәселелерди өз ишине қамтыйды.

– Хунань провинциясына сапар нәтийжеси жемисли болды, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Бахытжан Ҳабибуллаев. – Сапар даўамында Қарақалпақстан исбилерменлери менен Хунань провинциясының ири кәрханалары қатнасында бизнес-форум өткерилди. Исбилерменлер Хунань провинциясының қурылыс, аўыл хожалық, фармацевтика, машина ислеп шығарыў өндирисиндеги алдынғы кәрханаларының жумысы менен танысты. 50 ден аслам жумысшы топарлардың ўәкиллери менен сөйлесиўлер болып өтти. Ҳәр түрли тараўлардағы жойбарларды, сондай-ақ, импорт ҳәм экспорт келисимлерди әмелге асырыў бойынша 66 миллион долларлық келисим дүзилди.

Қарақалпақстан делегациясы Хунань провинциясы губернаторының орынбасары Хе Баосян менен  ушырасты. Ушырасыўда сөйлесиўлердиң тийкарғы бағдары еки мәмлекет, регионлар арасында бирге ислесиў болды.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хунань провинциясының регионлар арасында бирге ислесиў перспективаларына келгенде, Хе Баосян өз-ара саўда көлемин арттырыў бойынша жумысты күшейтиў кереклигин және еки мәмлекеттиң хожалық жүргизиўши субъектлери арасында туўрыдан-туўры байланысларды жолға қойыў бойынша анық қәдемлерге өтиў кереклигин айрықша атап өтти.

Қытайлық тәреп Өзбекстан ҳүкиметиниң Қытай инвестицияларын Қарақалпақстанға тартыў бойынша белсендилигин қоллап-қуўатлады. Соның ишинде, қурылыс ҳәм аўыл хожалық өндириси, сапалы мийўе-овощ өнимин Қытай базарына жибериў ҳәм туризм саласындағы бирге ислесиўди раўажландырыў оғада әҳмийетли.

Регионлараралық бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын белгилеп беретуғын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хунань провинциялары арасында бирге ислесиў бойынша дүзилген меморандум олар арасындағы көп жойбарлы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша еки тәреплеме мәселелерди әмелге асырыў жолындағы биринши әмелий қәдем болды.

Ең әҳмийетлиси, сапар даўамында Қарақалпақстан Республикасы исши шеңберлери менен Хунань провинциясы компаниялары арасында В2В форматындағы өз алдына сөйлесиўлер болып өтип, бир қатар пайдалы келисимлерге ерисилди, еки мәмлекеттиң хожалық жүргизиўши субъектлери арасында экспорт ҳәм импорт шәртнамаларына қол қойды. Соның ишинде, республиканың ишинде талабы жоқары болған ҳәм экспортқа бағдарланған өнимди ислеп шығарыў ушын жоқары технологиялық үскенелерди жеткерип бериў бойынша да шәртнама дүзилди.

Атап айтқанда «Кунград агро солодкосистем» ЖШЖ менен «HunanMindaHerbalMedicineCoLtd.» арасында Қытайға боян тамыр жеткерип бериў бойынша 450 мың АҚШ долларылық шәртнама дүзилди.

Хунань провинциясының оннан басқа да бир неше кәрханасы боян тамырды сатып алыў бойынша үлкен қызығыўшылық билдирди.

«Vishekrishi Tashkent» ЖШЖ бир қатар қытайлы компаниялар менен артемия цисталарын экспорт етиўге улыўма 500 мың АҚШ долларылық келисим қабыл етти.

Сондай-ақ, Қытайдың 20 дан аслам кәрхана ҳәм компания басшылары менен өз алдына ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер өткерилди.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан аймағында қамысты қайта ислеў ҳәм қағаз ислеп шығарыў бойынша ири завод қурылысына инвестиция киргизиўде келисим қабыл етилди.

Қытайдағы «Фень ши» ЖШЖ, «Мин Дао» ЖШЖ, «Дэ Нун» ЖШЖ атлы үш ири кәрхананың шөлкемлестириўшиси Ма Лумин, Қарақалпақстандағы шийки затлық базасын алдын ала үйренген ўақытта, Қытай тәрепинен Қарақалпақстанда үш қағаз шығарыўшы завод қурыўға улыўма 60 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў бойынша қарар қабыл етилгени ҳаққында мәлим етти.

Сондай-ақ Ма Лумин жойбарды тезирек әмелге асырыў мақсетинде усы жылдың май айында Өзбекстанға сапар етиўди режелестирген.

Буннан тысқары Hunan Runwo Biotechnology Co.Ltd. ҳәм Fenghui Biotechnology Co. Ltd. компаниялары менен сөйлесиўлер болып өтти. Олардың жуўмағында Қарақалпақстан Республикасындағы шор жерлерде туқымлардың турақлылығын жақсылаў ушын инновациялық технологияларды қолланыў тараўында бирге ислесиў бойынша Түсинисиў меморандумына қол қойылды.

Мағлыўматларға қарағанда, алдынлары Хунань провинциясы көбирек аграр провинция болған, ал ҳәзирги күнде болса регионның жалпы ишки өниминиң 90 процентин хызмет көрсетиў саласы қурайды. Буннан басқа машина ислеп шығарыў, қурылыс, аўыл хожалығы өнимин қайта ислеў сыяқлы өндирислик тараўлар да раўажланған. 2017-жылдың жуўмағы бойынша Хунань провинциясы ҚХРда жалпы ишки өним муғдары бойынша 9-орынды ийелеген (500 млрд АҚШ доллары). Экономикалық өсиў 9 процентти қураған.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.