2019-жылдың 1-январына шекемги мүддетке бажыхана төлемлерин төлеўден азат етилетуғын (бажыхана рәсмийлестириўи ушын төлемлер буған кирмейди) азық-аўқатлық өнимлер ҳәм шийки затлардың айрым түрлериниң дизими Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналында жәрияланды.

Оларға төмендегилер киреди:

1. Тири ири қарамал;

2. Тири қой ҳәм ешкилер;

3. Ири қарамал гөши, бөлекленген ямаса суўытылған;

4. Бөлекленген, суўытылған (музлатылғанынан бөлек) қой ямаса ешки гөши;

4-1. Жаңа ҳәм суўытылған картошка;

5. Соя лобыясы, майдаланған ямаса майдаланбаған;

6. Айғабағар туқымы, майдаланған ямаса майдаланбаған;

7. Гүнжи туқымы;

8. Қант қамысы ямаса қант ләблебиси ҳәм химиялық таза сахароза, қатты жағдайда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги