27-апрель күни пайтахтамыздағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде әcкерий хызметкерлер, олардың  шаңарақ ағзалары, жаслар, сондай-ақ, профессионал дөретиўши хызметкерлер арасында «Мениң армиям-мениң мақтанышым»  атамасында ең жақсы дөтериўшилик жумыслар таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаў Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан жаслар аўқамы  ҳәм Арқа-батыс әскерий округи менен биргеликте шөлкемлестирилип, оған 50 ден аслам жаслар қатнасты.

Таңлаў қатнасыўшыларының жасы шекленбеген болып,  «Мениң армиям-мениң мақтанышым»  атамасындағы  қосықлар, сүўретлеў өнери, дөретиўши шайырлар бағдарлары бойынша қатнасып, қосықлар жанлы ҳаўазда фонограммасыз атқарылды. Онда тийкарынан «Ўатан», «Армия», «Миннетлеме», «Садықлық» сыяқлы қосықлар жаңлап, текстлери оқылды ҳәм сүўретлер сәўлеленди.

Тәжирийбели төрешилер тәрепинен қатнасыўшылардың  профессионаллық таярлығы, атқарыў шеберлиги, репертуары, сахна ҳәм кийиниў мәденияты есапқа алынды.

Таңлаў жуўмағында «Ең жақсы қосық атқарыўшысы» номинациясы бойынша Асылбек Нурмағамбетов биринши, Ықлас Бердиниязов екинши, Акбар Зийнетуллаев үшинши орынды ийелеген болса, «Ең жақсы сүўретшилик жумысы» номинациясы бойынша  Руслан Каукишев биринши, Расул Серимбетов екинши, Саўлат  Қудайбергенов үшинши, «Ең жақсы қосық тексти» номинациясы бойынша Фатима Отарбаева биринши, Мардана Исмаилова екинши, Сардоржан Зикрёев үшинши орын жеңимпазлары болды.

Таңлаўға белсене қатнасқанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы