Мәмлекетимиз Арал машқалаларын шешиў бағдарында Германия, Франция ҳәм басқа мәмлекетлер, сондай-ақ, Глобаллық экологиялық қор, БМШның Раўажланыў бағдарламасы, Жәҳән банки сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен нәтийжели бирге ислесип келмекте. Жүргизилип атырған усындай жумыслар нәтийжесинде соңғы 12 жыл даўамында Арал теңизиниң суўы қурыған аймағында сексеўил ҳәм басқа жергиликли шараятқа ийкемлескен өсимликлерден 200 мың гектардан аслам тоғайлар жүзеге келди. Бул ҳаққында «Экобарқарор» сайты хабар бермекте.

Усы аймақта ҳәр жылы 20 мың гектар жасыл қорғаныў майданлары шөлкемлестирилип атырғанын айрықша атап өтиў керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги