Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-апрель күни Пакистан Ислам Республикасының Қурғақлықтағы әскерлер сәркардасы, генерал-лейтенант Қамар Жовид Бажва басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, бул ушырасыў Өзбекстан менен Пакистан арасындағы соңғы жылларда жедел раўажланып атырған, дослық, бирге ислесиў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў принциплерине, сондай-ақ,  улыўмалық тарийх, дин, дәстүр ҳәм руўхый қәдриятлардың бирдейлигине тийкарланған қөп қырлы байланыслардың және бир дәлийли екенин айрықша атап өтти.

Түрли дәрежедеги сиясий сөйлесиўлердиң жеделлескени атап өтилди. Саўда-экономикалық бирге ислесиў кеңейип, өз-ара саўда көлеми артпақта. Еки ел компаниялары ҳәм исбилерменлери тәрепинен  аўыл хожалығы машина қурылысы, фармацевтика, тоқымашылық, кәншилик, азық-аўқат ҳәм экономиканының басқа да тараўларында қоспа жойбарлар таярланбақта ҳәм әмелге асырылмақта. Өзбекстан-Пакистан Исбилерменлер кеңеси жумыс баслады.

Өткен апрель айынан баслап «Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясының Ташкент-Лахор-Ташкент жөнелиси бойынша ушыўлары қайта тикленди.

Мәдений-социаллық ҳәм туристлик алмасыўлар, соның ишинде, елимизге зыярат туризм бағдарламасы шеңбериндеги саяхатлар кеңеймекте.

Ушырасыўда еки тәреплеме өз-ара пайдалы байланыслар, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация ҳәм басқа да тармақларға байланыслы бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Әскерий ҳәм әскерий-техникалық тараўлардағы бирге ислесиў перспективалары, регионда қәўипсизликке ҳәм турақлылыққа қәўип туўдырып атырған заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, сондай-ақ, Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен шешиў мәселелери додаланды.

Мийман мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Президенти Мамнун Хусайнның сәлемин жеткерди.

Генерал Қ.Бажва Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Қураллы Күшлерди модернизациялаў ҳәм елдиң қорғаныў потенциалын беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа берди.

Усы жылдың март айында Ташкентте болып өткен Аўғанстан бойынша халықаралық конференцияның әмелий нәтийжелери толық қоллап-қуўатланды.

Ушырасыў соңында Пакистанның Қурғақлықтағы әскерлер сәркардасы Пакистан Өзбекстан менен көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге ҳәм беккемлеўге таяр екенин және бир мәрте тастыйықлады.

ӨзА