Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы жылдың 21 ҳәм 24-апрель күнлери аралығында Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген Қуран жарысының «Ҳифз» жөнелиси бойынша биринши орын ийеси, жарыстың абсолют жеңимпазы жерлесимиз, Ташкент Ислам институтының талабасы Жолдасбай Нуритдиновты қабыллаў мәресими болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жерлесимизди бул үлкен жеңиси менен қутлықлап, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ғәрезси зелимизде диний ҳәм миллий қәдриятларымызды қайта тиклеў,  уллы бабаларымыз тәрепинен қалдырылған бай илимий-руўхый мийрасты үйрениўге қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Елбасшымыздың басламасы менен өткерилген бул жарыс бизиң республикамыздың ўәкиллери ушын айрықша табыслы болды. Атап айтқанда, Жолдасбай Нуритдинов абсолют жеңимпаз сыпатында Президентимиздиң саўғасы «Жентра» автомашинасы менен сыйлықланған болса, 18-25 жастағы ер адамлар арасында «Тилаўат» жөнелиси бойынша және бир жерлесимиз Нурмуҳаммед Аметниязов үшинши орынды,диний билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында «Тилаўат» жөнелиси бойынша Муҳаммад ал-Беруний орта арнаўлы Ислам билим журтының студенти Ҳамидуллаҳ Ҳикматуллаев екинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазы Жолдасбай Нуритдинов 1995-жылы 9-январьда Хожели районының Кенегес аўылында туўылған. 2010-2014-жыллары Нөкис қаласындағы Ислам билим журтында тәлим алған. Ҳәзирги ўақытта Ташкент Ислам институтында оқып атыр.

2011-жылы XXI республикалық Қуран жарысының, 2012-жылы XXII республикалық Қуран жарысының жеңимпазы болған болса, 2013-жылы Кувейт мәмлекетинде болып өткен халықаралық Қуран жарысына қатнасып, дәслепки онлықтан орын алған. Буннан тысқары, 2016-жылы Ташкент Ислам институтында болып өткен «Қуронзиёфати» таңлаўында, сол жылы усы институтта болып өткен дәслепки Азан айтыў жарысында жеңимпаз болған.

Өз гезегинде жарыс жеңимпазы Жолдасбай Нуритдинов айрықша итибары ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Қабыллаў соңында жеңимпазға естелик саўғалары тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.