Нөкисте заманагөй телевизор ҳәм кондиционерлер ислеп шығаратуғын кәрхана иске түседи. Бул кәрханада Artel, Samsung, Shivaki брендлери астында жылына 150 мың дана заманагөй телевизорлар  ҳәм «Имаратларда жасалма ықлым жарататуғын Сплит-систем» ислеп шығарыў нәзерде тутылған.

Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстан Республикасында экспорт потенциалын ҳәм машинасазлық, автомобиль ҳәм электротехника санаатын раўажландырыў, өнимлерди стандартластырыў мәселелери тараўына тийисли 18 жойбарды әмелге асырыў, сол қатары заманагөй телевизорлар ислеп шығарыўға байланыслы жылына 150 мың дана телевизор ислеп шығарыў қуўатына ийе болған 19 миллиард сумлық жойбарды иске түсириў бойынша тапсырма берген еди. Бул тапсырмада өнимниң баҳасын арзанластырыў ҳәм оларды экспортқа бағдарлаў, ислеп шығарыўды жергиликлилестириў, кәрхана жумысына колледж питкериўшилерин тартыў көзде тутылған. Тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Nokis RemMash» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине инвестициялар киргизиў арқалы имарат ажыратылып, жәмийет тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Экономика министрлигине жойбардың паспорты усынылды.

Кәрхана иске түссе, 60 колледж питкериўшиси жаңа жумыс орнына ийе болады.

Сплит-системалар имарат ишинде қолайлы микроклимат  жаратыў ушын арналған болып, олар хананы салқынлатыў менен бирге ысытыў ушын да қолланылады.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекистанда Artel, Foton, Roison Electronics сыяқлы кәрханаларда телевизор ҳәм турмыслық электроника үскенелери ислеп шығарылмақта.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.