Пайтахтымыздағы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 27-28-апрель күнлери «Билимлер беллесиўи»ниң Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтпекте.

 Бүгин саат 11:00 де ҳуқықтаныў, экономика, тарийх пәнлери бойынша онлайн-тест, химия, биология, физика пәнлеринен жазба ҳәм лаборатория жумыслары алып басланады. Химия, биология, физика ҳәм қалған пәнлер бойынша онлайн-тест ертең усы ўақытта алынады. Беллесиўдиң қала ҳәм районлараралық басқышында жеңиске ерискен 403 оқыўшының 76 баллдан жоқары балл топлаған отызы сенсор экранлы заманагөй қол телефонына ийе болады.

Еки жылдан берли тек 7-8-класслар арасында өткерилип киятырған «Билимлер беллесиўи»ниң әдалатлы өтиўин тәмийинлеў ушын 150 тәжирийбели оқытыўшыдан дүзилген төрешилер қурамы бекитилген.

Ҳәр күни беллесиўден соң оқыўшылардың бос ўақтында пайтахтымыздағы Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхаты шөлкемлестирилмекте. Билимлендириў министрлигиниң мағлыўматына қарағанда, республикамыздың узақ районларынан келген оқыўшылар менен төрешилердиң жасаўы ҳәм аўқатланыўы ушын да барлық шараятлар жаратылған болып, 250 орынлық жатақхана, үш мезгил ыссы аўқат шөлкемлестирилген.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.