Өзбек мәденияты ҳәм көркем өнери аўыр жоғалтыўға ушырады.

Миллий кинематографиямыздың белгили  ғайраткери, уллы устаз, Өзбекстан халық артисти Шуҳрат Аббосов усы жыл 25-апрельде 87 жасында қайтыс болды.

Шуҳрат Солиҳович Аббосов 1931-жылы 16-январьда Ферғана ўәлаятының Қоқан қаласында туўылды. Орта мектепти тамамлағаннан соң, 1949-жылы Ташкент медицина техникумын, 1954-жылы Ташкент театр көркем өнери мәмлекетлик институты (ҳәзирги Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты)ның режиссёрлық факультетин питкерди.

Талантлы көркем өнер ғайраткери өзиниң мийнет жолын Янгийўл қаласындағы Ташкент ўәлаяты музыкалы драма театрында режиссёр сыпатында баслады. 1958-жылы «Мосфильм» студиясы жанындағы Жоқары режиссёрлық курсын питкерди.  1982-1986-жыллары «Өзбекфильм» киностудиясында режиссёр, кейин ала директор, Өзбекстан кинематографлары бирлеспеси баслығының биринши орынбасары, Өзбекстан   мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының профессоры сыяқлы жуўапкерли лаўазымларда жемисли мийнет етти.

Өзиниң 60 жылдан аслам дөретиўшилик жолы даўамында миллий театр ҳәм кино көркем өнерин раўажландырыўға айрықша үлес қосқан Ш.Аббосов тәрепинен жаратылған «Майсараның иси», «Аўырыў тислер» сыяқлы спектакльлер, «Сен жетим емессең», «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп», «Ташкент – нан қаласы», «Әбиў Райхан Беруний» сыяқлы көркем фильмлер көркем өнеримиздиң «алтын фонды»нан мүнәсип ҳәм беккем орын ийеледи. Бийтәкирар дөретиўшилик шеберлик пенен дөретилген бул шығармалар өзбек халқының әййемги ҳәм бай тарийхын, оның жоқары адамгершилик пазыйлетлерин пүткил дүньяға танытыўға үлкен үлес қосты.

Өзбек мәденияты тарийхында әҳмийетли ўақыя болған бул киноленталар көплеген абыройлы кинофестивальларда сыйлы орынлар ҳәм дипломлар менен сыйлықланған еди.

Шуҳрат Аббосов шебер ҳәм тәжирийбели педагог, талапшаң устаз сыпатында да жемисли мийнет етип, кино көркем өнери тараўында да онлаған талантлы жасларды тәрбиялаўда билимин ҳәм қәбилетин, күш-ғайратын аямай мийнет етти.

Шуҳрат Аббосовтың өзбек кино ҳәм театр көркем өнерин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстан халық артисти» ҳүрметли атағы, Мәмлекетлик сыйлығы, «Ел-журт ҳүрмети» ордени ҳәм басқа да бир қатар орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.

Кишипейил инсан, белгили көркем өнер ғайраткери, меҳрибан устаз Шуҳрат Аббосовтың естелиги жүреклеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Н.Йўлдошев, Н.Исмоилов,

А.Арипов, Б.Сайфуллаев, Ф.Зокиров, Б.Йўлдошев