Өзбекстан Респупубликасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-апрель күни «Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыўды нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы мәселелерге ҳәм бул бағдарда ең әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәжилиске Бас министр, оның орынбасарлары, министрликлер менен ведомстволардың жуўапкер адамлары, Қарақалпақстан Республикасы басшылары, ўәлаятлардың ҳәкимлери қатнасты. Тийкарғы итибар «Абат аўыл» бағдарламасының әмелге асырылыўына байланыслы мәселелерге қаратылып, келешектеги ўазыйпалар белгилеп алынды.

Атап өтилгениндей, өткен жыллар даўамында елимиздиң барлық аймақларында кең көлемли дөретиўшилик жумыслары алып барылды. Бирақ алыс аўылларда жасап атырған әпиўайы адамлардың жасаў шараятын жақсылаўға жеткиликли итибар қаратылмады. Бундай жағдай усы аймақларда халықтың наразылығына себеп болып киятырған еди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен бундай қатнас жасаўға шек қойылып, халықтың жасаў шараятын буннан былай да жақсылаў бойынша анық ҳәм мақсетли система жаратылды. Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, быйыл ҳәр бир районда 2 аўылда, кейинги жылдан баслап болса ҳәр жылы ҳәр бир районда 3 аўылда кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылады.

«Абат аўыл» бағдарламасының әмелге асырылыўын муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссия ҳәм оның аймақлық штаблары тәрепинен быйыл абат етилетуғын 368 аўыл дизимге алынып, тастыйықланды.

– Соңғы 25 жыл даўамында үлги жойбарда турақ жай қурыўды есапқа алмағанда, аўылдың сыртқы көринисин жақсылаў ҳәм абаданластырыў бойынша бирде-бир әмелий жумыс исленбеген, бул ушын қаржы қәрежетлери ажыратылмаған, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Көпшилик аўылларда көшелер, социаллық сала объектлери, ишимлик суў, электр тәмийнаты сыяқлы әҳмийетли тараўлар жыллар даўамында қараўсыз ҳәм итибарсыз қалыўы ақыбетинде төмен аўҳалға келип қалған.

Президентимиз халықтың турақ жай ҳәм имаратларды заманагөй нормаларға әмел етпеген ҳалда, тәртипсиз және өз билдигинше қурып алыўы да әпиўайы жағдайға айланғанына итибар қаратты.

Атап өтилгениндей, аўыл халқы «бизге усы да бола береди», деген пикирге көнлигип, өзиниң көшесин, турақ жайын ҳәм ҳәўлисин абат етиўге улыўма итибар бермей қойған.

Соны есапқа алып, быйыл Жиззақ ўәлаяты Дослық районындағы турақ жайлар менен инфраструктура объектлери сықылсыз жағдайға келип қалған Манас аўылында абаданластырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Нәтийжеде тек ғана 1,5 айда бул аўыл пүтккиллей заманагөй көриниске ийе болды. Ең әҳмийетлиси, аўыл халқының кейпияты, турмыс дәрежеси, дүньятаныўы ҳәм өмирге көзқарасы өзгерип, оларда ертеңги күнге беккем исеним пайда болды.

Сырдәрья ўәлаяты Ховос районындағы  Ховосабад аўылы да абат етилип, ҳәўес етсе арзыйтуғын аймаққа айландырылды.

– Манас биз ушын сондай тәжирийбе мектеби болады, егер аўылларды заманагөй орынға айландырыўды, социаллық-экономикалық орталықты жақсылаўды, адамлардың кейпиятын унамлы тәрепке кескин өзгертиўди алдымызға мақсет етип, избе-из ҳәрекет етсек, оған ерисиў мүмкин екенине адамларды исендире алдық, өзимизде де бекккем исеним артты, – деди Шавкат Мирзиёев.

«Абат аўыл» бағдарламасын орынлаў ушын зәрүр болатуғын қаржы ресурсларының 80 проценти мәмлекетлик бюджет, мәмлекетлик кәрханалардың қаржылары ҳәм оларға тартылатуғын шет ел кредитлериниң есабынан  тәмийинленеди. Қалған 20 проценти исбилерменлердиң өзлерине тийисли базар инфраструктурасы объектлерине жумсалатуғын қаржылары ҳәм банк кредитлери болып табылады.

Мәжилисте бул бағдарда барлық ресурсларды ҳәм қаржыларды иске қосыў зәрүрлиги атап өтилди.

– Сықылсыз ҳәм берекети жоқ жерде жасап атырған халықтың кейпияты да, келешекке умтылыўы да болмайды, – деди Президентимиз. – Егер биз аўылларды абат етсек, ол жердеги халықтың кейпияты өзгереди, өзиниң турмысын және де жақсылаўға умтылыс пайда болады, аўыллардың экономикасы артады. Булардың бәри Ўатанымыздың абаданлығы ҳәм экономикалық жақтан раўажланыўы ушын және бир әҳмийетли түртки болады.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы быйыл «Абат аўыл» бағдарламасы  тийкарында әмелге асырылыўы зәрүр болған ең әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти.

Быйыл 127 мың турақ жайды оңлаў ҳәм әтирапын абаданластырыў, 1 мың 900 километр ишимлик суўы тармағы, 850 социаллық тараў ҳәм 2 мың 400 базар инфраструктурасы объектлерин қурыў және ири оңлаў, дерлик 2 мың километр электр ҳәм 263 километр газ тармақларын, 440 километр жолларды ири оңлаў, 470 заманагөй автобус сатып алыў, 330 дан аслам бәндирги қурыў ҳәм жаңа қатнаў бағдарларын ашыў режелестирилген. Бул мақсетлер ушын 3 триллион 447 миллиард сум қаржы өзлестириледи.

Өткен дәўирде қурылыс-абаданластырыў жумыслары ушын 292 миллиард сум қаржы қаратылып, соннан 87 миллиард сумы тиккелей жергиликли бюджеттиң есабынан ажыратылды.

Соның менен бирге, Ташкент, Сырдәрья ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында ажыратылған қаржылар жеткиликли емес. Айырым аймақлардың ҳәкимлери бул мәселеге екинши дәрежели жумыс сыпатында қарап атырғаны көзге тасланбақта.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы қурылыс жумысларын қаржыландырыў өз ўақтында әмелге асырылмай атырғанын, усы ўақытқа шекем тек ғана 6 аўыл бойынша бас реже ислеп шығылғанын, 81 аўылда абаданластырыў жумыслары басланбағанын атап өтти. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Сырдәрья, Қашқадәрья, Бухара, Наманган ҳәм Самарқанд ўәлаятларында аўылларды абат етиў мәселесине жеткиликли итибар берилмей атырғанына тоқтап өтип, бул жумысларды жеделлестириў бойынша жуўапкер адамларға зәрүр тапсырмалар берди.

Көп квартиралы турақ жайлардың улыўма пайдаланыў бөлимлерин оңлаў, турмыслық инфраструктура объектлерин орналастырыў, қоршаған орталықты тәртипке келтириў бойынша үлги талапларды ислеп шығып, жумысты сол тийкарда шөлкемлестириў, барлық аймақлардағы қурылысларға арзан ҳәм сапалы материалларды өз ўақтында жеткерип бериў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилисте аймақлардағы 336 аўыллық балалар бақшасы, 318 мектеп,  109 шаңарақлық поликлиника, 79 мәҳәлле орайы ҳәм басқа да объектлердиң техникалық жағдайын үйрениў, имаратлардың сыртқы ҳәм ишки бөлегин заманагөй талаплар тийкарында оңлаў, үскенелеў, әтирапын абаданластырыў жумысларын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Жергиликли ҳәкимликлерге аўылларда турмыслық хызмет комплекслерин қурыў ушын зәрүр жер майданлары ҳәм бос турған имаратлар ажыратылыўын тәмийинлеў, аўылға санаатты алып кириў арқалы ықшам ҳәм заманагөй жаңа жумыс орынларын жаратыў тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы абат етилетуғын 368 аўыл халқының қыйтақ жерлерине дәраматлы егинлер егилиўин тәмийинлеў, киши ыссыханалардың қурылысына әмелий жәрдем бериў бойынша жуўапкер адамларға анық ўазыйпалар тапсырды.

Ең әҳмийетли мәселелерден бири аўыл халқының руўхый дүньясын байытыў ҳәм ҳуқықый мәдениятын буннан былай да арттырыў есапланады. Президентимиз бул бағдарда Манас аўылында әмелге асырылып атырған жумысларды мысал етип келтирди. Аўылларға әдиллик, ҳуқық қорғаў, мәденият, спорт, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардың ўәкиллери турақлы түрде барып, халықтың ҳуқықый, медициналық мәдениятын, билим дәрежесин ҳәм руўхыйлығын арттырыў бойынша түрли ушырасыўлар, сәўбетлесиўлер өткерип барыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте «Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша жүзеге келген кемшиликлер ҳәм оларды сапластырыўға қаратылған жумысларды шөлкемлестириў бағдарында көрилип атырған илажлар бойынша жуўапкер адамлардың есаплары тыңланды.

Көрилген мәселелер бойынша анық ўазыйпалар ҳәм зәрүр илажлар белгиленди.

ӨзА