Гейде балалар ересек адамларға қарағанда көп ақша табатуғын жағдайлар да ушырасып турады. Бул көбинесе раўажланған мәмлекетлерде ушырасады. Балалық дәўиринен баслап мисли көрилмеген дәрежеде көп ақша таўып атырған балалар ҳаққында Rich Kids of Today сайты мағлыўмат жәриялады.

Дизимниң биринши орынында Youtube каналында 3 жылдан берли ойыншықларды реклама етип жүрген 7 жаслы Райан тур. «Ryan Toys Review» каналында оның рекламалық бағдарламасы ең көп мәрте көрилгенлер қатарында турады. Райан жылына 11 миллион АҚШ доллары муғдарында ақша табады.

Екинши орынды белгили қосықшы Siaның клиплеринде аяқ-ойынға түсип, белгили болып кеткен Мэдди Зиглер ийелеген. Оның жыллық табысы – 5 миллион доллар.

Үшинши орында жылына 5 миллион долларға шамалас ақша табатуғын «Stranger Things» сериалындағы актриса, 14 жаслы Милли Бобби Броун көрсетилген.

Төртинши орын «Modern Family» сериалындағы роли арқалы ҳәр жылы 4 миллион доллар ақша табатуғын 10 жаслы Обри Андерсон-Эммонсқа несип еткен.

Бесинши орында – Финн Вулфард, оның жыллық табысы – 3 миллион долларды қурайды.

Алтыншы орынды Джейкоб Саториас 3 миллион долларлық табысы менен бәнт еткен.

Буннан кейинги орынларды Синди Крауфорд ҳәм Каия Жерберлер ийелеген. Олардың жыллық табысы 500 мың долларды қурайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.