Өзбекстанда 2018-жыл ушын бюджет жәрияланды. Онда жергиликли бюджетлердиң дәрамат бөлеги нениң есабынан толтырылатуғынлығы көрсетилген, деп жазады Sputnik. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Жергиликли бюджетлердиң дәрамат бөлегин беккемлеў бойынша финанслық дәреклер сыпатында майданы бир гектардан артық болған жер участкаларына жер салығы енгизиледи.

Алкоголь өнимлерине – 10 проценттен 27 процентке, темеки өнимлерине – 50 процентке ҳәм пивоға – 20 процентке салықлар көбейтилди.

Салыққа тартылатуғын базаның көбейиўин есапқа алған ҳалда салық ставкасын 1,7 проценттен 0,2 процентке кемейтиў нәзерде тутылмақта.

Аймақлардың социаллық жағдайынан келип шыға отырып коэффициентлерди кемейтиў мүмкин. Мәселен, Хорезм ўәлаятында жайласқан үй ушын мүлк салығы Ташкент қаласына салыстырғанда 2 есеге аз болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги