Өзбекстан Республикасы Президенти «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысларын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарды тастыйықлады. Ҳүжжеттиң толық тексти ӨзАда жәрияланды, деп жазады Kun.uz сайты.

2018-жыл 1-июльдан:

– барлық фермер ҳәм дийқан хожалықларының Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине (Кеңес) ағзалығы мәжбүрий, қыйтақ жер ийелери ушын болса ықтыярый болып есапланады;

– фермер ҳәм дийқан хожалықларының Кеңесте ағзалығының жуўмақланыўы жерге ийелик етиў, оннан турақлы ямаса мүддетли пайдаланыў, оны арендаға алыў ҳуқықы бийкар етилиўи ушын тийкар болады;

– Кеңеслер аўыл хожалығында шәртнама миннетлемелериниң орынланыўы бойынша мониторинг ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырады;

– дийқан хожалығы ҳәм 4 сотыхтан кем болмаған қыйтақ жеринде бәнт болған ямаса усы участкада қарамал ямаса 50 бастан кем болмаған қусшылық пенен шуғылланып атырған физикалық шахслар тәрепинен Пенсия қорына жылына ең кем мийнет ҳақының бир есеси муғдарында қамсызландырыў төлеми төленген жағдайда, қамсызландырыў төлеми төленген жыл мийнет стажына киргизиледи;

– Кеңес системасында жумыс ислейтуғын пенсионерлерге пенсиялар Пенсия қоры қаржылары есабынан толық төленеди;

– фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслери тәрепинен Пенсия қорына бирден-бир социаллық төлем 5 процент муғдарында төленеди.

Қарар тийкарында Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын ҳәм оның аймағына сырттан алып келинетуғын жеңил конструкциялы ыссыханалар орнатыў ушын үскенелер, аўыл хожалығы техникасы ҳәм аўыл хожалығы транспорт қураллары белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша 2021-жылдың 1-январына шекем бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи ушын төлемлерден бөлек);

– «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ ямаса фермер хожалықлары менен дүзилген үйге алып ислеў шәртнамасы тийкарында жумыс алып барып атырған қыйтақ жер ийелери – физикалық шахслар олардың үйге алып ислеў жумысы шеңберинде физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы ҳәм Пенсия қорына мәжбүрий ажыратпалардан азат етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги