Insonvaqonun.uz сайтында судланғанлық жағдайы, судланғанлық мүддети ҳәм судланғанлықтың алып тасланыўы ҳаққында сораў-жуўап формасындағы қысқаша мағлыўмат жәрияланды.

 

Судланғанлық деген не?

Судланғанлық – шахстың ислеген жынаяты ушын ҳүким етилгенлигинен келип шығатуғын ҳуқықый жағдай есапланады.

 

Шахс қашан судланған деп табылады?

Тек ғана жаза белгиленген айыплаў ҳүкими нызамлы күшке кирген күннен баслап шахс судланған болып есапланады. Суд тәрепинен жазадан азат етилген шахс судланбаған болып табылады.

 

Судланғанлық жағдайы қашан жуўмақланады?

Шахстың судланғанлық жағдайы төмендеги ўақытларда жуўмақланады:

– шәртли ҳүким етилгенлерге – сынаў мүддети жуўмақланған күннен баслап;

– мәжбүрий жәмийетлик жумыслар, хызмет бойынша шеклеў ямаса интизамлық бөлимге жибериў тәризиндеги жазаларды атқарып шыққаннан соң;

– жәрийма жазасы орынланған күннен кейин, сондай-ақ, белгили бир ҳуқықтан айырыў ямаса тәртип дүзетиў жумыслары жазалары атқарылғаннан соң бир жыл өткеннен кейин;

– азатлықты шеклеў жазасы атқарылғаннан кейин – еки жыл өтип;

бес жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы атқарылғаннан кейин – төрт жыл өтип;

бес жылдан көп болған, бирақ он жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы атқарылғаннан кейин – жети жыл өтип;

он жылдан көп болған, бирақ он бес жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы атқарылғаннан кейин – он жыл өтип.

 

Судланғанлық мүддетиниң жуўмақланыў мүддети өтпей атырып алып таслаў мүмкин бе?

Мүмкин. Буның ушын төмендеги ҳәрекетлер әмелге асырылыўы керек:

– шахс еркинен айырыў жазасын атқарып болғаннан кейин оған ҳәкимшилик жаза ямаса интизамлық тәсир шаралары қолланылмаған болыўы керек;

– жоқарыда санап өтилген мүддетлердиң кеминде ярымы өткен болыўы керек;

– жәмийетлик бирлеспелер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы, жәмәәт ямаса жазаны атқарып шыққан шахстың өзи судқа судланғанлықты алып таслаў ҳаққындағы усыныс пенен мүрәжат етиўи керек.

Сондай-ақ, Жынаят кодексиниң 178-, 184-, 185-, 185-2-, 189-, 192-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислегени ушын ҳүким етилген шахслардың судланғанлығы олар мәмлекетке оғада көп зыян жеткермегенде, жоқарыда санап өтилген мүддетлердиң кеминде төрттен бир бөлегин атқарғаннан кейин суд тәрепинен алып тасланыўы мүмкин.

Судланғанлық кеширим бериў ямаса амнистия акти тийкарында да алып тасланыўы мүмкин.

 

Судланғанлықты алып таслаў ҳаққындағы мүрәжат қай жердеги судқа бериледи?

Қағыйда тәризинде, бундай мүрәжатнама судланған шахс жасап атырған район (қала)да жайласқан жынаят ислери бойынша судқа бериледи ҳәм усы судтың судьясы судланғанлықты алып таслаў мәселесин шешеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги