Пайтахтымызда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети хызметкерлери арасында таңлаў басланды.

Үш күн даўам ететуғын илажға Ташкент қаласы, ўәлаятлардан ҳәм бизиң республикамыздан тараў хызметкерлери қатнаспақта.

«Туран» стадионында болып өткен ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, таңлаў қатнасыўшыларына әўмет  тиледи.

Атап өтилгениндей, Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети хызметкерлериниң кәсиплик шеберлигин арттырыў, олардың хызмет, жаўынгерлик, физикалық арнаўлы таярлығын жетилистириў, өзлестирген теориялық билимлери менен ийелеген көнликпелерин анықлаў бағдарында көплеген илажлар әмелге асырылмақта. Солардың арасында дәстүрий тәризде өткерилип киятырған бул таңлаў айрықша әҳмийетке ийе.

Таңлаў қатнасыўшылары Жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша теориялық имтихан, нормативлик ҳүжжетлерди өзлестириў бағдарында тест сынағы, светофор ҳәм тәртипке салыўшы белгилер бойынша әмелий шынығыў басқышларында өзлериниң билим және көнликпелерин көрсетеди.

Еслетип өтемиз, бул таңлаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 11-июльдеги «Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң усы жыл 16-марттағы «Ишки ислер уйымларының Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети хызметкерлери арасында республикалық таңлаў өткериў ҳаққында»ғы буйрығы тийкарында өткерилмекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.