Экология тараўында жумыс алып барып атырған журналистлердиң маманлығын арттырыў, қоршаған орталық ҳәм оны қорғаўдағы машқалаларды сәўлелендириўде ҒХҚның ролин күшейтиў мақсетинде Өзбекстанда 16 жылдан берли Экожурналистика миллий таңлаўы өткерилмекте.

2017-2018-жылларда Экожурналистика Республикалық таңлаўы Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Мәлимлеме хызмети, Нызамшылық палатасының Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери бойынша комитети, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң миллий ассоциясы, Өзбекстан бийғәрез ҒХҚ менен мәлимлеме агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қоры, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң экофорумы тәрепинен өткерилмекте.

Таңлаўға  2017-жылдың 1-майынан 2018-жылдың 1-майына шекем Өзбекстан Республикасы аймағында ғалаба хабар қуралларында басылып шыққан ҳәм эфирге жиберилген дөретиўшилик жумыслар усынылады. Миллий таңлаў шәртлерине тийкарланып «Телевидение», «Радио», «Баспа ҒХҚ», «Интернет» бағдарларында ҳәм «Суў-бул өмир» темасында арнаўлы номинация бойынша дөретиўшилик жумыслар қабыл етиледи.

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Халқ сўзи» ҳәм «Народное слово» газеталары, «Жамият» жәмийетлик-сиясий газетасы, www.fundngo.uz, www.eco.uz, www.uznature.uz,  www.ngo.uz, www.ecoforum.uzвеб-бетлери Экожурналистика Республикалық таңлаўаның мәлимлеме жәрдемшилери болып есапланады.

Таңлаўға дөретиўшилик жумыслар  2018-жылдың 20-апрелинен 2018-жылдың 20-майына шекем Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетинде (Мәнзил: Ташкент қаласы, Мустақиллик көшеси, 59-жай) электрон түринде  info@eco.uzарқалы қабыл  етиледи.

Шөлкемлестириў комитети менен байланысыў: 0371 230-41-53,e-mail: info@eco.uz