10-17-апрель күнлери аралығында республикамыздың барлық улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында спорттың футбол бойынша былғары топ спорт жарысларының қалалық ҳәм районлық басқышлары өткерилди. Жарысқа жәми 11 мың 200ден аслам спортшылар қатнасты.

25-апрель күни пайтахтымыздағы «Туран» стадионында жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Жарыс жуўмағында Қоңырат районы спортшылары биринши, Хожели районы спортшылары екинши, Елликқала районы спортшылары үшинши орынды ийеледи.

Қоңырат районы командасы 1-3-май күнлери Хорезм ўәлаятында өткерилетуғын аймақлық басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги