Усы жылдың 19-апрель күни Елликқала районы ҳаялқызлар шөлкеми, нураныйлар кеңеси ҳәм «Наўайы» аўыл пуқаралар жыйыны басшылары райондағы Наўайы аўылындағы Бағжап посёлкасында жасайтуғын Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Николай ата Рахметовтың ҳалынан хабар алды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий вебсайты хабар бермекте.

Николай ата келген мийманлар менен жаслық мәўритлери, урыстағы қыйыншылықлар ҳаққында сөйлесип, бүгингидей тыныш ҳәм абадан турмысымызға мың шүкирлик етиў, қәдирине жетиў кереклигин айтып өтти және ҳүкиметлик ғамкорлық ҳәм итибардан миннетдар екенлигин билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги