Россияның ең үлкен электрон ҳәм санаат тәрезилерин ислеп шығаратуғын – Қубла Урал тәрези заводы Өзбекстанда тәрези ислеп шығарыўды жолға қойыў нийетинде, деп жазады Daryo.uz.

Россия кәрханасы биринши басқышта 100 миллион рубль инвестиция киргизип, 150 тонна ҳәм оннан аслам жүклерге арналған автомобиль ҳәм темир жол вагонлары ушын тәрези ислеп шығарыўды режелестирген.

«Ҳәзирде биз сөйлесиўлердиң биринши басқышындамыз, келешектеги ислеп шығарыў ушын орын излеп атырмыз. Бизде бирнеше вариант бар: еркин экономикалық зоналардың бири, Ташкент ямаса Самарқанд. Бул өзиниң кепсерлеў, токарлық ҳәм жыйнаў цехларына ийе болған толық түрдеги Өзбекстан-Россия қоспа кәрханасы болады. Биз базарға жоқары сапаға ийе ҳәм бәсекиге шыдамлы болған өним шығарыўға таярмыз», – дейди Қубла Урал тәрези заводы директорлар кеңесиниң баслығы Сергей Потапов.

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Россияның Өзбекстан экономикасына киргизген инвестициясы 8,5 миллиард рубльден өтип кетти ҳәм Өзбекстанда Россия инвестициясы қатнасыўында 961 кәрхана жумыс ислемекте. Жылдың ақырына шекем бул кәрханалар саны мыңнан аслам болыўы күтилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги