Қоңырат районынан Екинши жер жүзилик урысқа 3672 пуқара қатнасқан болса, соннан 812 си саўаш майданында қайтыс болған, ал 823 и бийдәрек жоғалған. Урыстан 2037 си өз елине аман-есен қуўысқан. Ҳәзирги ўақытта олардың тек ғана екеўи тыныш ҳәм парахат турмыста өмир сүрмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Ҳаял-қызлар комитети баслығы З.Ибрагимова районда жасайтуғын Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары – Қудайберген ата Хожахмедов ҳәм Камал ата Юсуповлардың шаңарағында болып, урыс қатнасыўшыларының ҳалынан хабар алды ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 73 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Бул ҳаққында Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Өз гезегинде, ветеранлар тыныш ҳәм бахытлы турмысымызға шүкиршилигин билдирип, ҳүрметли Президентимизге итибар ҳәм ғамқорлық ушын миннетдаршылығын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги