Әмиўдәрья районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Зебо Омонбоева сызыў пәнинен Нөкис қаласында өткерилген инновациялық олимпиаданың Өзбекстан Республикалық басқышында табыслы қатнасып, 1-орынды ийеледи. Бул ҳаққында Amunews.uz сайты хабар бермекте.

Оқыўшысының бундай табысларға ерисиўинде устазы Мақсуда Авезованың берген билим ҳәм көнликпелери айрықша әҳмийетке ийе болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги