Өзбекстан мусылманлары мәкемеси басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген «Қуран жарысы»ның Ташкент қаласы Студентлер қалашасындағы «Жаслар орайы»нда 21-24-апрель күнлери (ерлер) арасында өткерилген Өзбекстан Республикалық басқышында жерлеслеримиз ылайықлы түрде қатнасып, алдыңғы орынларды ийелеўге миясар болды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда жеңимпаз болған пуқаралар өз билимлерин көрсетип, күш сынасты. Жарыс «ҳифз» – қуранды толық ядтан билетуғын ҳәм «тилаўат» – қуранды сулыў етип оқыйтуғын қарыйлар арасында болып өтти.

Жеңимпазлар анықланып, 18-25 жастағы ер адамлар арасында тилаўат жөнелиси бойынша жерлесимиз Нурмуҳаммед қарый Аметниязов үшинши орынды ийеледи. Ал, Диний билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында өткерилген жарыста «тилаўат» жөнелиси бойынша Муҳаммад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтының студенти Ҳамидуллаҳ қарый Ҳикматуллаев екинши, «ҳифз» жөнелиси бойынша Тақыятас районынан барып Ташкент ислам институтында оқып атырған Жолдасбай қарый Нуриддинов биринши орынды ийеледи.

Усы Қуран жарысының улыўма жеңимпазы да – Жолдасбай қарый Нуратдинов деп табылып, оған ең жоқарғы сыйлық болған Президент саўғасы – «Лаcетти» автомашинасы тапсырылды. Сондай-ақ, тилаўат жөнелиси жеңимпазларына еки адамлық, ҳифз жөнелиси жеңимпазларына үш адамлық умра сапары сертификатлары ҳәм қәўендерлердиң түрли саўғалары берилди.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.