Усы жылдың 19-апрель күни Әмиўдәрья районының Вохум посёлкасында жайласқан стадионда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Мәденият сарайы қосық ҳәм аяқ-ойын ансамблиниң қайырқомлық концерти болып өтти, деп хабар бермекте Amunews.uz сайты.

Концерт бағдарламасында баслаўшы Учқун Тиллаев, қосықшылар Гулюз, М.Эргашева, С.Ҳамдамов, Ш.Бекмуродов, «Манго» топары ағзалары ҳәм белгили сөз шеберлери Ў.Муҳаммадхожаев ҳәм Аваз Оҳунлар қатнасып, район халқының кеўиллерин көтерди.

Концерттен түскен қаржылар райондағы жәрдемге ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақларға бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги