Шымбай районындағы «Бердақ» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Ф.Палванова өз аймағында жасайтуғын турғынлардың қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын Тағжап каналынан суў алатуғын ислемей турған электр насосын оңлап берди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Бул аймақ турғынлары ушын қыйтақ жер үлкен әҳмийетке ийе. Өйткени, олар дерлик барлық өнимлерди усы жерлерден өндирип алады. Ал буның ушын каналдан суў алатуғын электр насосы тийкарғы техника есапланады. Аймақ турғынлары жыйын баслығының бундай қайырлы исинен миннетдар болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги