Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедов 23-апрель күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Өзбек ҳәм түркмен халықлары әзелден бир дәрьядан суў ишип, тыныш-татыў, аҳызбиршиликли жасап келген. Халықларымызды бирден-бир тарийх, бирдей мәденият ҳәм қәдириятлар, уқсас тил ҳәм үрп-әдетлер бирлестирип турады. Бул жақынлық еллеримиз арасындағы бирге ислесиўге тийкар болмақта.

Айрықша атап өтиў керек, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң  Өзбекстан Республикасы Президенти сыпатында биринши шет елге сапары 2017-жыл 6-7-март күнлери Түркменстанға болған еди. Усы тарийхый сапар Өзбекстанның сыртқы сиясатында жақсы қоңсышылық қатнасықларына айрықша әҳмийет қаратып атырғанының айқын дәлийли, мәмлекетимиз басшысының қоңсы мәмлекетлер менен дослықты ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге умтылыўының белгиси сыпатында тән алынды.

Дослық ушырасыў ҳәм сөйлесиўлердиң тийкарғы нәтийжеси менен еки тәреплеме қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа – стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди.

Шавкат Мирзиёев пенен Гурбангули Бердимухамедовтың жақын дослығы, өз-ара ҳүрмети ҳәм исеними еллеримиз бирге ислесиўиниң раўажланыўында әҳмийетли орын ийелемекте. Президентлердиң ҳәр бир ушырасыўы еки мәмлекет қатнасықларының көлемин буннан былай да кеңейтиў имканиятын бермекте. Президентимиздиң өткен жыл май ҳәм сентябрь айларында Түркменстанға әмелий сапар етиўлери ўақтында еки мәмлекет басшылары ушырасып, бирге ислесиўдиң кең қамтыўлы бағдарлары бойынша пикирлер алысты.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлериниң бул ушырасыўы өз-ара мәпке ҳәм жедел сөйлесиўдиң логикалық даўамы болып табылады.

Сапардың тийкарғы илажлары Көксарай резиденциясында болып өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң мәмлекет басшылары тар шеңберде ушырасыўлар өткерди.

Президентимиз Түркменстан Президентин Өзбекстан жеринде шын жүректен қутлықлап, бул сапар еллеримиз қатнасықларының раўажланыўында әҳмийетли сиясий ўақыя, жақсы қоңсышылыққа тийкарланған бирге ислесиўимиз избе-из раўажланып атырғанының дәлийли екенин атап өтти.

-2017-жыл мәмлекетлеримиз бирге ислесиўиниң раўажланыўында тарийхый жыл болды. Өзбекстан Президенти Түркменстанға үш мәрте сапар етти. Бул еллеримиздиң стратегиялық дәрежедеги мүнәсебетлерине жаңа пәт бағышлады, ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўына  сезилерли түртки берди. Усы жылдың биринши шерегинде еллеримиз арасындағы товар алмасыў көлеми  55 процентке өсти. Бул, әлбетте, өткен жылғы келисимлеримиздиң нәтийжеси. Жоқары дәрежедеги бул гезектеги сөйлесиўлер усы пәтти буннан былай да арттырыў жолында әҳмийетли қәдем болады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Гурбангули Бердимухамедов мәмлекетимиз басшысына мирәт ушын миннетдаршылық билдирип, еллеримиз арасындағы бирге ислесиў барлық тараўларда турақлы ен жайып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Түркменстан ҳәм Өзбекстан тынышлықты сүйетуғын мәмлекетлер, жақсы қоңсылар сыпатында танылған. Еллеримиз халықаралық майданда да, өз-ара байланысларда да бир-бирин қоллап-қуўатлайды. Бүгинги сөйлесиўлер өз-ара байланысларды буннан былай да беккемлеў ушын жақсы имканият болып табылады. Түркменстан Өзбекстан менен бирге ислесиўди барлық тараўлар бойынша кеңейтиўге таяр,-деди Гурбангули Бердимухамедов.

Регионаллық қәўипсизликти беккемлеў еллеримиздиң бирге ислесиўинде айрықша әҳмийетке ийе. Өзбекстан ҳәм Түркменстан Орайлық Азияда тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўдың нәтийжели механизмлерин жаратыў тәрепдары. Еллеримиз Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў бойынша бирдей пикирге ийе.

Ушырасыўда терроризм, экстремизм, наркотиклердиң нызамсыз айланысы, трансмиллий жәмлескен жынаятшылыққа және халықаралық қәўипсизликке қәўип туўдыратуғын басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдеги бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев быйыл 15-март күни Қазақстанның Астана  қаласында өткен Орайлық Азия мәмлекет басшыларының биринши мәсләҳәт ушырасыўын өткериў бойынша басламасын қоллап-қуўатлағаны ушын Гурбангули Бердимухамедовқа миннетдаршылық билдирди.

Сөйлесиўде Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитар ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды. Тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.

Сөйлесиўлер еки ел рәсмий делегацияларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам еттирилди.  Онда еллеримиз арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, нефть-химия, транспорт-коммуникация, аўыл хожалығы, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Өзбекстаннан Түркменстанға аўыл хожалық техникасы, сайланды ҳәм қайта исленген мийўе-овощлар, минерал төгинлер, қурылыс материаллары, химия, таяр текстиль өнимлери, түрли тараўдағы хызметлер экспорт етиледи. Түркменстаннан елимизге нефть ҳәм нефть өнимлерин, механикалық үскененлер, пропилен полимерлери, басқа да химиялық товарлар келтириледи.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан  экономикасында еле толық иске салынбаған көплеген имканиятлар бар. Олардан пайдаланып, өз-ара саўда айланбасын жедел арттырыў ҳәм номенклатурасын кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Еки ел базарларына өтимли өнимлер жеткерип бериў, аймақлар арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, исбилерменлик субъектлери ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселелери додаланды. 2020-жылға барып товар алмасыў көлемин 500 миллион долларға шекем жеткериў ушын зәрүр илажларды әмелге асырыўға келисип алынды.

Саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия жумысы бул бойынша анық әмелий нәтийжелерге ерисиўде айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Бул комиссияның быйыл  1-март күни Ташкентте өткерилген ушырасыўы саўда-экономикалық қатнасықлардың  беккемлениўинде және бир қәдем болды.

Түрли дәрежедеги нәтийжели ушырасыўлар еллеримиз арасындағы бирге ислесиўге жаңа пәт бағышлап, оны әмелий мазмун менен байытпақта. Март айында Ашхабадта Өзбекстан миллий санаат көргизбеси табыслы өткерилди. Усы күнлерде пайтахтымызда Түркменстан миллий көргизбеси ҳәм еки елдиң исбилермен топарларының бизнес-форумы болып өтпекте.

Сөйлесиўлерде бундай көргизбелерди турақлы өткериў, саўда, өндирис кооперациясы, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда ири жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысылды.

Еллеримиз регионда ири энергетикалық жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнаспақта. Жылына 25 миллиард куб метрге шекем газ жеткериў қуўатлылығына ийе Өзбекстан -Түркменстан-Қазақстан-Қытай газ қубыры жойбары усылар қатарына киреди.

Транспорт тараўы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Еллеримиздиң өз-ара интеграцияласқан автомобиль ҳәм темир жоллары үшинши мәмлекетлер ушын да транзит ўазыйпасын өтемекте. Әмиўдәрьяның үстинде қурылған Түркменабат-Фараб автомобиль ҳәм темир жол көпирлери буның тастыйығы. Бул көпирлер  2017-жыл март айында Түркменстанға  мәмлекетлик сапар ўақтында салтанатлы түрде ашылған еди.

Өзбек ҳәм түркмен халықларын бир-бирине тығыз байланыстырып туратуғын тарийх, мәденият ҳәм үрп-әдетлер халықларымыздың улыўмалық мүлкине айланған. Бул жақынлық мәдений-гуманитар тараўдағы бирге ислесиўдиң раўажланыўында беккем тийкар болмақта.

Өзбекстанның билимлендириў мәкемелеринде Түркменстанның 720 пуқарасы билим алмақта. Өзбекстан ҳәм Түркменстан ўәкиллери еки елде шөлкемлестирилип атырған мәдений илажлар, концертлер, фестивальлар менен таңлаўларда, спорт жарысларында белсене қатнаспақта.

Өзбекстан спорт делегациясы  2017-жылдың сентябрь айында Ашхабадта өткен V Жабық комплекслерде ҳәм көркем өнерлери бойынша Азия ойынларында қатнасты. Түркменстанда Өзбекстан мәденият күнлери өткерилди. Усы илаж шеңберинде елимиздиң көркем өнер шеберлери ҳәм мәденият усталарының қатнасыўындағы концерт, көркем шығармалар көргизбеси шөлкемлестирилди.

Өзбекстанда түркмен миллетине тийисли  192 мың халық жасамақта. Олардың тилин, мәдениятын, үрп-әдетлерин раўажландырыў ушын барлық шәраят жаратылған.

Елимизде түркмен тилинде сабақ берилетуғын 44 мектеп жумыс жүргизбекте. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде түркмен филологиясы бағдарында қәнигелер, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институтында түркмен тили оқытыўшылары таярланбақта.

Сөйлесиўлер даўамында транспорт ҳәм транзит тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, бул арқалы еллеримиздиң усы бағдардағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди. Аўыл хожалығы техникасы, автомобиллер, электр техникасы үскенелерин бирге ислесиўде ислеп шығарыў, нефть ҳәм нефть өнимлери жеткерип бериў, шегара алды аймақлар арасында саўда-сатықты арттырыў, хызметлер көрсетиў ҳәм басқа да мәселелер бойынша келисимлерге ерисилди. Өзбекстанның Түркменстан-Аўғанстан-Пакистан-Ҳиндстан газ қубырының қурылыў жойбарында қатнасыўы атап өтилди.

Еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедов Бирликтеги билдириўге қол қойды.

Еки тәреплеме бирге ислесиўди сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация, билимлендириў менен спорт тараўларында буннан былай да беккемлеўге ҳәм өз-ара байланысларды избе-из раўажландырыўға байланыслы 17 ҳүжжетке қол қойылды.

Регионлараралық бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық питим, 2018-2020-жылларға мөлшерленген транспорт тараўында бирге ислесиў ҳаққында және 2019-2021-жылларға мөлшерленген илимий-техникалық бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық бағдарламалар, Өзбекстан ҳәм Түркменстанда саўда үйлерин шөлкемлестириў, еки ел Саўда-санаат палаталары арасындағы исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы питимлер, Өзбекстан ҳәм Түркменстан  Сыртқы ислер министрликлери арасында 2019-жылға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.

Еки тәреплеме бирге ислесиўди аўыл хожалығы, жаслар, ҳаял-қызлар мәселелери, илим-техника, кәсиплик аўқамлары ҳәм басқа да тараўларда буннан былай да беккемлеўге байланыслы ҳүжжетлер қабыл етилди. Өсимликлер карантини тараўында бирге ислесиў ҳаққында питим, еки елдиң кәсиплик аўқамлары ҳәм ҳаял-қызлар комитетлери арасындағы Түсинисиў меморандумлары, жаслар шөлкемлери арасындағы Түсинисиў меморандум усылар қатарына киреди.

Сондай-ақ, сапар шеңберинде жоқары оқыў орынлары арасындағы ҳәм мәлимлеме-коммуникация тараўларына тийисли 15 ҳүжжетке қол қойылды.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен ушырасыўда Президентлер сөйлесиўлер ашық, шын жүреклик, искерлик руўхында өткени, қол қойылған ҳүжжетлер Өзбекстан ҳәм Түркменстан халықларының мәплери жолындағы көп қырлы ҳәм дослық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет  етиўин атап өтти.

Күнниң екинши ярымында Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедов Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен бирге Ғәрезсизлик майданына келди. Жоқары мәртебели мийман айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиздиң нышаны болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Буннан соң, Гурбангули Бердимухамедов Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Каримовтың естелигине гүл қойып, Уллы Жолбасшымыз ядына ҳүрмет келтирди.

2017-жыл май айында өзбек ҳәм түркмен халықларының мәңги дослығының және туўысқанлығының белгиси сыпатында Ташкент қаласында Мақтымқулы атындағы көше ҳәм оған бағышланған архитектуралық естелиги ашылған еди.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Гурбангули Бердимухамедов Мақтымқулы көшесине барды. Президентлер белгили түркмен шайыры ҳәм ойшылы естелигине гүл қойды.

Бир пүтин ансамбльге айланған бул бағ Гурбангули Бердимухамедовта үлкен тәсир қалдырды. Түркмен халқына, әдебияты менен мәдениятына көрсетилип атырған ҳүрмет-иззет ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Түркменстан Президентиниң Өзбекстанға сапар етиўине байланыслы Мақтымқулы көшесинде «Ашхабад бағы» қурылды. Еки мәмлекет басшылары усы бағдың ашылыў мәресиминде қатнасты.

Президентлер бағда жаратылған шараятлар менен танысты. Еки мәмлекет басшылары Түркменстан ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларының белгиси сыпатында «Ашхабад бағы»на нәл отырғызды.

Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедовтиң елимизге мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы