Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында той-тамашалар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумларды еслеўге бағышланған илажлардың өткерилиўин тәртипке салыў бойынша жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў бойынша республикалық жумысшы топарының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Олий Мажлис Сенатының он төртинши жалпы мәжилисинде қабыл етилген «Той-тамашалар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, мархумларды еслеўге бағышланған илажлардың өткерилиўин тәртипке салыў мәселелери ҳаққында»ғы қарардың орынланыўы талқыланды.

Республикалық жумысшы топардың ағзалары бул мәселе бойынша жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў нәтийжелерин, сондай-ақ, пуқаралардан келип түсип атырған пикир-усынысларды додалады.

Үйрениўлер процесинде халықтан бул бағдарда жәмийетлик қадағалаўды орнатыў зәрүрлиги ҳаққында тийкарлы усыныслар келип түскен. Районларда жасайтуғынлар аймақлардың өзине тән өзгешеликлерине, той ҳәм ас бериў мәресимлеринде қатнасатуғынлардың санына, той мәресимлерди өткереиў ўақтында келин-күйеўди алып жүретуғын жеңил автомашиналар муғдарына айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги билдирилди.

Төлемли автотранспорт хызмети лизенцияға ийе болмаған тасыўшылар тәрепинен көрсетилиўине, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди менсинбеў, даңқпаразлық, дәбдебепазлық, ысрапгершилик жағдайларына, мәҳәллелерде жәмийетлик-руўхый орталықтың турақлылығына зыян етилиўине жол қоймаў бойынша талаплардың орынланыўын қадағалаў зәрүрлиги атап өтилди. Тойханалардың инфраструктурасын жақсылаў, мәселен, автотранспорт қуралларын сақлаў орынларын қурыў, кафе ҳәм ресторанларға жақын аймақта жасайтуғын халықтың тынышлығын бузбаў, даўыс дәрежеси ушын қағыйда ҳәм нормалар белгилеў, санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға, азық-аўқат өнимлериниң сапа талапларына, қәўипсизликке әмел етиў бойынша халықтан келип түскен усыныслар ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәжилисте билдирилген усыныслардан келип шығып, жумысшы топардың ағзалары аймақларға бириктирилди. Оларға аймақлық жумысшы топарлар менен биргеликте тийисли шөлкем ўәкиллерин және мәҳәлле белсендилерин, нураныйларын, жаслар ҳәм тойхана ийелерин тартқан ҳалда халықтың пикир-усынысларын еле де терең үйрениў ҳәм усынысларды додалаў, сондай-ақ, бул мәселениң телевидение, радио, аймақлық басылымлар арқалы сәўлелендирилиўин тәмийинлеў ўазыйпасы тапсырылды.

Республикалық жумысшы топар тәрепинен бул бағдардағы жағдайды үйрениў даўам еттириледи.

Моҳигул ҚОСИМОВА,

ӨзАның хабаршысы