Нөкис әскерий гарнизонының Офицерлер үйинде «Үлгили әскер шаңарағы» таңлаўының округлик басқышы болып өтти.

«Беккем шаңарақ-жәмийет таянышы» сүрени астында өткерилген илажға әскерий бөлимлер көлеминде өткерилген жарыста жеңимпаз болған 6 шаңарақ қатнасты.

Таңлаў қатнасыўшылары биринши басқышта өзлерин таныстырыў, екинши басқышта нәшебентлик, ишиўшилик, терроризм, адам саўдасы, жақын ағайинлер арасында неке сыяқлы бүгинги күнниң әҳмийетли машқалаларын өзинде сәўлелендирген сахналық көринис, соңғы сораў-жуўап басқышында өзлериниң билим және өнерлерин көрсетти.

Төрешилер қурамы тәрепинен ең жоқары баллға миясар болған Жураевлардың шаңарағы биринши орынды ийелеп, келеси басқышқа жоллама алды. Сондай-ақ, «Ең балажан әскерий шаңарақ», «Ең мүнәсип ерли-зайыплы әскерий шаңарақ», «Ең билимли әскерий шаңарақ», «Ең татыў әскерий шаңарақ», «Ең қуўнақ әскерий шаңарақ» номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланды.

-Ҳәр қандай кәсип сыяқлы әскерий хызметте де шаңарақтың татыўлығы айрықша орын ийелейди,-дейди таңлаў жеңимпазы, киши сержант Умид Жураев.-Усы көзқарастан қарағанда әскерий хызметкерлердиң шаңарақлары арасында дәстүрий тәризде өткерилип киятырған бул илаждың тәрбиялық әҳмийети үлкен. Мине, 14 жылдан бери әскерий хызметимди атқарып киятырман. Өткен жылы үшинши дәрежели «Үлгили хызметлери ушын» көкирек белгиси менен сыйлықландым.  Бунда шаңарақ ағзаларымның да мүнәсип үлеси бар.

Илаж жеңимпазы менен барлық қатнасыўшылар Арқа-Батыс әскерий округи тәрепинен Диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Еслетип өтемиз, бул таңлаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Арқа-Батыс әскерий округиниң тийкарғы илажлар режесине муўапық өткерилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.