Ҳүрметли көргизбе қатнасыўшылары!

Түркменстанның жетекши кәрханалары, компанияларының ҳәм шөлкемлериниң басшылары!

Қәдирли дослар!

Түркменстан Президенти ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевич Бердимухамедовтың Өзбекстан Республикасына мәмлекетлик сапары шеңберинде Ташкентте өткерилип атырған Түркменстан миллий көргизбесиниң барлық қатнасыўшыларын ҳәм мийманларын үлкен қанаатланыўшылық пенен шын жүректен қутлықлайман.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан стратегиялық шерик болып табылады. Бизиң халықларымызды көп әсирлик жақын қоңсышылық байланыслары, улыўма тарийх, дин ҳәм тил, мәденият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлердиң уқсаслығы беккем байланыстырып келеди.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиў қатаң сиясий ерк-ықрар және жоқары дәрежедеги нәтийжели ушырасыўлар даўамында ерисилген келисимлерди биргеликте әмелге асырып атырғанымыздың нәтийжесинде избе-из раўажланып, анық мазмун менен байып бармақта.

Өз-ара бирге ислесиўимиздиң баслы бағдарын саўда-экономикалық тараў қурайтуғынына гүман жоқ. Өткен қысқа дәўирде биз бул бағдарда ҳақыйқатында да айрықша әҳмийетке ийе нәтийжелерге еристик.

Соңғы жыллары биринши мәрте өз-ара саўда көлеми жедел пәтлер менен артып бармақта. Еллеримиз кәрханалары ҳәм шөлкемлери арасында экономиканың дәстүрий түрде бирин-бири толықтыратуғын тармақларында кооперациялық байланыслар күшеймекте.

Усы жерде бәринен бурын жанылғы-энергетика комплекси, аўыл хожалығы, машина қурылысы, темир жол транспортын модернизациялаў ҳәм басқа да көплеген тараўлардағы жойбарлар ҳаққында сөз болмақта.

Биз транспорт коммуникацияларын раўажландырыў және мәмлекетлеримиздиң ҳәм пүткил регионымыздың үлкен транзит потенциалын нәтийжели иске қосыўға қаратылған өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтпектемиз.

Бүгинги күнде еллеримиздиң бизнес топарлары арасындағы избе-из исбилерменлик байланыслары және аймақлараралық беккемленип атырған бирге ислесиў шеңберинде кең перспективалар ашылып атырғанын атап өтиў керек.

Ҳүрметли дослар!

Буннан бир ай бурын Ашхабадта Түркменстан Президентиниң тиккелей қоллап-қуўатлаўы менен Өзбекстан миллий санаат көргизбеси табыслы өткерилип, ол түркменстанлы шериклеримизде үлкен қызығыўшылық оятқан еди.

Бүгин биз елимиздиң тек ғана исбилермен топарлары емес, ал пүткил жәмийетшиликтиң дыққат орайында турған Түркменстан миллий көргизбесин ашпақтамыз.

Көргизбе комплексинде бүгинги Түркменстан экономикасының үлкен потенциалы ҳәм жоқары итибарға ылайық жетискенликлери, оның бай тәбийғый, илимий ҳәм интеллектуаллық ресурслары, заманагөй технологиялары кеңнен көрсетилмекте.

Соның менен бирге, бул жерде шөлкемлестирилген айқын экспозиция туўысқан түркмен халқының әййемги ҳәм бийбаҳа мәденияты және дәстүрлери менен жақыннан танысыў имканиятын береди.

Түркменстанның халықаралық көлемде тән алынған барлық жетискенликлери ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевич Бердимухамедовтың терең ойланған, жемисли сиясатының  нәтийжеси екенин айрықша атап өтиўди қәлер едим.

Қәдирли көргизбе қатнасыўшылары ҳәм мийманлар!

Сизлерди еки тәреплеме қатнасықларымыздағы қутлы ўақыя – Өзбекстан пайтахтында Түркменстан миллий көргизбесиниң ашылыўы менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

Көргизбе жуўмағында экономиканың түрли тармақларында кооперациялық байланысларды раўажландырыўға, еллеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди дос халықларымыздың абаданлығы жолында және де беккемлеўге хызмет ететуғын перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша жаңа саўда шәртнамаларына ҳәм келисимлерге қол қойылатуғынына беккем исенемен.

Бәршеңизге көргизбеде нәтийжели жумыс алып барыўды, табыслы сөйлесиўлер өткериўди тилеймен.

Миймандос Өзбекстан жерине хош келдиңиз!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти