Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедовтың Өзбекстанға мәмлекетлик сапары шеңберинде Ташкентте Түркменстан миллий көргизбеси болып өтпекте. Онда қоңсылас мәмлекетлердиң жетекши кәрханалары, компаниялары ҳәм шөлкемлери, ири исбилерменлик субъектлери қатнасып, миллий өнимлерди, экономика тараўындағы алдынғы технологияларды, хызметлерди көрсетпекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан миллий көргизбеси қатнасыўшыларына ҳәм мийманларына қутлықлаў жоллады.

Көргизбениң ашылыў мәресиминде Президенттиң қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Н.Атажанов оқып еситтирди.

Қутлықлаўда Өзбекстан ҳәм Түркменстан – стратегиялық шериклер екени, халықларымызды көп әсирлик дослық ҳәм жақын қоңсышылық байланыслары, улыўма тарийх, дин ҳәм тил, мәденият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлердиң уқсаслығы байланыстырып киятырғаны, бүгинги күнде еллеримиздиң бизнес топарлары арасындағы избе-из исбилерменлик байланыслары және аймақлараралық беккемленип атырған бирге ислесиў шеңберинде кең перспективалар ашылып атырғаны атап өтилген.

Түркменстан Республикасы сыртқы экономикалық байланыслар ҳәм саўда министри Д.Ўрозмуродов түркменстанлы исбилерменлер ушын Өзбекстан әҳмийетли саўда-экономикалық аймақ екени, Уллы жипек жолының саўда-сатық раўажланған мәнзилинде жайласқан еллеримиз исбилерменлериниң бирге ислесиўиниң беккемленип атырғаны болса, теңдей пайдалы раўажланыўда айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Өзбекстан – Түркменстан бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышта беккемленип бармақта. Бул бағдарда еки мәмлекет басшыларының жоқары дәрежедеги ушырасыўлары даўамында ерисилген келисимлердиң биргеликте әмелге асырылып атырғаны шешиўши әҳмийетке ийе.

Әсиресе, кейинги жылларда өз-ара саўда көлеми сезилерли артты. Түрли экономикалық тармақларда кооперациялық байланыслар кеңейди. Буннан бир ай бурын Ашхабадта Түркменстан Президентиниң тиккелей қоллап-қуўатлаўы менен өткерилген Өзбекстан миллий санаат көргизбеси ҳәм онда ерисилген көп қырлы келисимлер пикиримиздиң дәлили болып табылады.

Түркменстан миллий көргизбесинде нефть ҳәм химия, тоқымашылық, медицина санааты, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери, қурылыс товарлары, транспорт ҳәм логистика, спорт ҳәм туризм, илимий-техника, билимлендириў тараўындағы жетискенликлер, хызметлер көрсетилмекте. Түркмен гилемлери, жумысты үйге алып ислеў, балықшылық санааты, дүньяға белгили ақалтеке атлары нәсилшилиги изертлеўлери үлкен қызығыўшылық оятпақта.

Түркменстанда балықшылық санаатының раўажланыўының тийкарғы дәреги Каспий теңизи болып табылады. Бүгин мәмлекеттиң суў сақлағышларында балықтың 50 ден аслам түрин ушыратыў мүмкин.

– Түркменстанда балық ҳәм теңиз өнимлерин қайта ислеў санааты жақсы раўажланған. Исбилерменлеримиз балық ҳәм балық өнимлерин қоңсылас республикаларға экспорт етеди, – дейди Түркменстан Балық санааты мәмлекетлик комитетиниң бөлим баслығы Гайир Гайипов. – Көргизбеге жеке исбилерменлеримиз де қатнаспақта. Олар Өзбекстан базарын үйренип, бирге ислесиў тилегинде келген. Атап айтқанда, өзбекстанлы кәсиплеслеримиздиң балықшылық тараўында зәрүр шийки зат өнимлери, қадақлаў қурылмалары, жаңа технологиялар өндирис тәжирийбесин үйрениўди режелестиргенбиз.

Президент Гурбангули Бердумуҳамедовтың усынысы менен 2018-жыл елимизде «Түркменстан – Уллы жипек жолының жүреги» деген сүрен менен өтпекте. Бунда мәмлекетте туризмди раўажландырыўға да тийкарғы итибар қаратылмақта. Көргизбеде Түркменстан Туризм мәмлекетлик комитети ўәкиллери қатнаспақта.

– Елимизде туризмди раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бизде әжайып түристлик мәнзиллер бар. Каспий жағасындағы «Аваза» миллий туристлик зонасында 200 ден аслам мийманхана, әжайып дем алыў мәнзиллери туристлердиң хызметинде, – дейди Түркменстан Туризм мәмлекетлик комитетиниң бөлим баслығы Ислам Авезов. – Түркменстан ҳәм Өзбекстан арасында туризмди раўажландырыўда узақ жыллардан берли бирге ислесип келемиз. Соңғы жылларда бул бағдарда жүдә үлкен нәтийжелерге еристик. Бүгинги күнде Европа, Шығыс Азия ҳәм басқа да еллерден Уллы жипек жолы бағдарында саяхатқа шыққан туристлердиң Түркменстан арқалы Хорезм, Бухара ўәлаятындағы әййемги қалаларға және Өзбекстан арқалы Түркменстанға сапар етиўи әмелге асырылып келинбекте. Бүгин бул бағдардағы бирге ислесиў байланысларын буннан былай да беккемлеўге исенемиз.

Түркменстан миллий көргизбесиниң жуўмағында экономикалық байланыслар буннан былай да раўажланыўы, еки елдиң исбилерменлери арасында өз-ара пайдалы келисимлерге ерисилиўи күтилмекте. Бул тәреплер әзелий дос халықларымыз арасында меҳир байланысларын барған сайын беккемлейди.

Улығбек АСРОРОВ,

ӨзАның хапбаршысы