24-апрель күни Өзбекстанда өткерилген Қуран оқыў жарысының Республикалық басқышы жуўмағына жетти. Онда ҳифз ҳәм тиләўат бағдарында жеңимпазлар анықланды. Соның ишинде, жарыстың жоқары орын ийесиниң аты мәлим болды қарақалпақстанлы Йўлдошбек қарый Нуриддинов. Kun.uz сайтында оның өмирбаяны менен байланыслы мағлыўматлар жәрияланды.

Нуриддинов Йўлдошбек Иброҳим улы 1995-жылы 9-январьда Қарақалпақстан Республикасы Хожели районының Кенегес аўылында дүньяға келген.

Қуран бойынша дәслепки билимин Қарақалпақстанның Беруний районында жасайтуғын Неъматуллаҳ қарый Әминжан ийшаннан алған. 2001-2010-жыллары улыўма билим бериў мектебинде, 2010-2014-жыллары Нөкис қаласындағы Әл-Беруний атындағы орта арнаўлы Ислам оқыў орнында билим алған. Дәслепки Қуран қатымын 2004-жылы Рамазан айында Нөкис қаласындағы «Имәм ийшан Муҳаммед» жәмәәтлик мешитинде орынлаған.

2015-жылдан бүгинги күнге шекем имәм Бухарий атындағы Ташкент Ислам институтының студенти.

Қолға киргизген табыслары:

– 2008-жылы өспиримлер арасында өткерилген шахмат турнириниң аймақлық басқышында қатнасқан;

– 2008-жылы «Камалак» балалар шөлкеми тәрепинен өткерилген «Алға сәрдарлар» жарысының аймақлық басқышында қатнасқан;

– 2011-жылы XXI республикалық Қуран оқыў жарысының жеңимпазы;

– 2012-жылы XXII республикалық Қуран оқыў жарысының жеңимпазы;

– 2013-жылы Кувейт мәмлекетинде болып өткен 4-айланымдағы халықаралық Қуран оқыў жарысында жақсы қатнасып, күшли онлықтан орын ийелеген;

– 2016-жылы Ташкент Ислам институтында өткерилген «Қуран зыяпаты» таңлаўының жеңимпазы;

– 2016-жылы Ташкент Ислам институтында өткерилген дәслепки азан айтыў жарысының жеңимпазы;

– 2018-жылы «Өзбекстан Қуран оқыў жарысы-2018»диң абсолютлик жеңимпазы, жоқары орын ийеси.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги