Бираз алдын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен нормативликҳуқықый ҳүжжетлер додаланатуғын сайтына қойған «Қалада жолаўшылар транспортында жолаўшылар тасыў ҳақының жаңа тарифин белгилеў ҳаққында»ғы қарары жойбарынде автобус ҳәм жөнелисли таксилердиң жол ҳақысын көбейтиў ҳаққында сөз болғанлығы ҳаққында хабар берген едик.

Бул қарар жойбары еле додалаўға қойылған болып, Қарақалпақстан Республикасының жергиликли турғынлары да бунда қатнасыўы мүмкин. Буның ушын төмендеги силтемеге кириўиңиз талап етиледи.

 

https://regulation.gov.uz/uz/documents/2168

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги