Өзбекстан әскерий хызметкерлериниң хызмет мүддети узайтылды ҳәм бул арқалы олардың пенсия жасы жа узайтылды, деп жазады Kun.uz сайты.

Өзбекстан Республикасының «Улыўмалық әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлериниң резервинде хызмет етиў ҳаққында»ғы нызамларына киргизилип атырған өзгерислер 2018-жылдың 19-октябринен күшке киреди.

Ҳүжжетлерге муўапық, киши офицерлер (лейтенант, аға лейтенант, капитан, капитан-лейтенант) ушын хызметтиң соңғы мүддети еки жылға – 43 жастан 45 жасқа узайтылған.

Барлық аға офицерлер (майор, подполковник, полковник, 3-, 2-, 1-дәрежели капитанлар) ушын пенсия жасы 50 жасты қурайды. Алдын майорлар, подполковник ҳәм 3- және 2-дәрежели капитанлар 45 жастан пенсияға шығыўы мүмкин еди.

Генераллар қурамының максимал жасы бурынғысындай – 60 жас дәрежесинде қалған.

Сондай-ақ, резервтеги әскерлер разрядында болыў жасына да өзгерис киргизилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги