Алдын абаданластырыў басқармасы қарамағындағы 813 шығынды жыйнаў майданшасы ҳәм 21 шығынды тасыў полигонлары «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының есабына өткерилип, район ҳәкимлериниң қарарлары тийкарында жаңа полигонлар шөлкемлестирилди. Усылар менен бирге, Елликқалада 3, Беруний ҳәм Төрткүлде 4, Хожелиде 5, Кегейли, Шоманай, Қараөзек, Тахтакөпирде биреўден шығынды жыйнаў майданшалары, 14 полигонның қурылыс ислери толық жуўмақланды. Быйылғы жылы кәрхана тәрепинен республикамыз бойынша 35 мың тоннаға жақын турмыслық шығындылар елатлы пунктлерден арнаўлы орынларға шығарып тасланды.

Бул ҳаққында «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 24-апрель күнги №51 (20137) санында жәрияланған «Аймақлардың тазалығы жолында» атамасындағы сәўбетте жәрияланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги