24-апрель күни Қуран оқыў бойынша жарыстың республикалық басқышының жеңимпазлары анықланды, деп хабар бермекте Kun.uz сайты. Төрешилердиң қарарына муўапық, еркек қарыйлар арасында өткерилген жарыстың Жоқары орнына қарақалпақстанлы Йўлдошбек қарый Нуриддинов ылайық көрилди ҳәм оған Президент саўғасы – «Жентра» маркалы автомобиль саўға етилди.

Еслетип өтемиз, Қуран оқыў бойынша жарыстың республикалық басқышында ҳаял қарыйлар арасында жеңимпазларды анықлаў илажы да болып өтеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.