Усы жыл 25-июль күни пайтахтымыздағы республикалық теннис түрлери бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың стол тенниси түри бойынша «Мәҳәллемиз теннисшилери» жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Онда усы жарыстың қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған 30 жасқа шекемги ер ҳәм ҳаял, 11 жастан 14 жасқа шекемги жас өспиримлерден дүзилген 15 команда өз-ара күш сынасты.

Жарыс «Мәҳәлле», Қарақалпақстан Республикасы Мәденият, Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў министрликлери, Физикалық тәрбия ҳәм спорт ислери бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен қатнасқан қәнигелер тәрепинен бақлап барылды.

Жарыс нәтийжелери бойынша Қанлыкөл районы «Дослық» МПЖдан Еримовлардың шаңарағы биринши, Шымбай районы «Қамыс арық» МПЖдан Қанназаровлардың шаңарағы екинши, Мойнақ районы «Тик өзек» АПЖдан Қайыпназаровлардың шаңарағы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

                                                                        Ә.Жиемуратов,  

                          Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.