Усы жыл 23-апрель күни Республикамызға халыққа кардиологиялық хызмет көрсетиўди жақсылаў ҳәм усы бағдардағы жумысларды системалы түрде үйрениў мақсетинде Ташкент қаласынан усы тараўдағы бир топар қәнигелер келди. Олар усы күни Республикалық кардиология орайы, қалалық, районлық медицина бирлеспелериниң бас шыпакерлери, кардиология ҳәм улыўма әмелият шыпакерлериниң қатнасында семинар өткерди.

– АҚШта, Европа еллеринде халықты медициналық тексериўлерде ҳәр қыйлы жүрек кеселликлерине шалынған пуқараларды анықлаў 30 проценттен жоқары, ал бизде болса 3,7 процентти қурайды. Сонлықтан, усы кеселликтиң аўыр түрлерине шалынған пуқаралардың 59 проценти ўақтында емлене алмағаны ушын қайтыс болмақта. Биз орынларда халықты медициналық тексериўлерден өткерип, кеселликти ерте анықласақ, асқыныўының алдын алсақ, халыққа сапалы хызмет көрсеткен боламыз. Пуқаралар да өз гезегинде кеселликтиң қан басымы артыўы сыяқлы әпиўайы көринислерине де бийпәрўа болмай өз ўақтында денсаўлығына қарап, тез-тезден көринип турса мақсетке муўапық болар еди. Себеби, кеселликтиң асқыныўы себепли адам инсульт болса, бул тиккелей өлимге алып келеди. Инфаркт ямаса басқа да жағдайға ушырағанда да оны жақсы деп болмайды,-дейди медицина илимлериниң докторы Гүлназа Ҳамидуллаева.

Мәлим болыўынша, Республикамыз бойынша өткен жыл даўамында ҳәр қыйлы жүрек кеселликлери менен наўқасланған 20 мыңнан аслам пуқара емленип шыққан. Топар ағзалары 28-апрелге шекем республикамызда болып, қала ҳәм районлардағы медицина бирлеспелеринде халықты қабыллап, медициналық тексериўлерден өткереди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.