«Өзстандарт» агентлиги тәрепинен «Экспорт өнимлери маркировкасына қойылатуғын товар белгиси» мәмлекетлик стандарты ислеп шығылды. Бул ҳаққында Daryo.uz сайты хабар бермекте.

Стандарт экспорт етилип атырған өним маркировкасында «Welcome to Uzbekistan» товар белгиси мәжбүрий қолланылыўы ҳәм «Uzbekistan Travel» порталына силтеме берилиўин көзде тутады.

Белги қойылатуғын орын өнимнен пайдаланыў мүддети даўамында белгиниң анық-тынық көринип турыўын тәмийинлеўи керек.

Стандарт хожалық субъектлери тәрепинен ислеп шығарлыган өнимлерге тийисли болады. Ол экспорт ушын таярланған товар ҳаққында анық түсиник береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги