Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери тәрепинен Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан республикамыздағы бир қатар қойымшылықларда абаданластырыў және қайыр-сақаўат илажлары өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында республикамызда «Инсан қәдири уллы, еслеў муқаддес», «Мәртлик, парыз ҳәм садықлық» сүренлери астында кең көлемли  илажлар өткерилмекте. Қарарда атап өтилгениндей, Еслеў ҳәм Қәдирлеў күниниң кеңнен белгилениўин тәмийинлеў мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң биринши гезектеги ўазыйпасы, барлық Өзбекстан пуқараларының ҳүжданлық ҳәрекети ҳәм дәстүрий миннетлемеси деп белгиленди.

-Нөкис қаласындағы «Сәлмен ата», «Шорша баба», «Оразымбет ахун», «Ақбаслы» ҳәм христианлар қойымшылықларында 800 ге шамалас әскер абаданластырыў жумысларына қатнасты,-дейди Арқа-Батыс әскерий округи сәркардасының орынбасары ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Алишер Ширинов.-Буннан тысқары, әскерлеримиз Қоңырат районы «Әдебият» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Даўыт ата», Нөкис районы «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Досымбет ата» қойымшылықларында да абаданластырыў жумысларын алып барды. Усы күни «Сәлмен ата» қойымшылығына 400 мың сум муғдарында қайырқомлық қаржысы тапсырылды.

Бүгинги күни елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў, жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, армияның ҳәм халықтың бирлигин тәмийинлеў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Солай екен, әскерий хызметкерлердиң бүгинги тыныш ҳәм абадан күнлер ушын жанын пидә еткен ата-бабаларымыздың муқаддес естелигин, өткенлердиң руўхын шад етиў, олардың ибратлы ислерин даўам еттириў мақсетиндеги бул қайырлы басламасы ҳәр қандай мақтаўға ҳәм қоллап-қуўатлаўға турарлық.

 

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.