Райондағы «Тараққиёт кўзгўси» газетасы редакциясы ҳәм «Жайхун илҳомлари» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте усы жылдың 20-апрель күнинен 20-майға шекем «Ғалабалық китапқумарлық айлығы» жәрияланды. Бул ҳаққында Amunews.uz сайты хабар бермекте.

Китапқумарлық айлығы 20-апрель күни Дүрмен аўылындағы 20-санлы улыўма билим бериў мектебиндеги илаж бенен басланды.

Илаж шеңберинде, районның барлық аймақларында «Көшпели китап кәрўаны», «Көшпели китап дүканы», «Ең жақсы саўға – китап», «Китапханаға китап саўға етемен» атамаларындағы акцияларды өткериў, сондай-ақ, айлық жуўмағында райондағы 9-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятларында жасап, дөретиўшилик етип атырған белгили жазыўшы ҳәм шайырлардың жаслар менен ушырасыўлары шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги