«Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық қоры тәрепинен «Өзбекстан темир жоллары» мәмлекетлик акционерлик компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген гезектеги «Саламатлық» поезды өткен жума күни республикамызға келди.

Өзбекстан Республикасының Президентиниң 2017-жыл 7-февральдағы қарары менен тастыйықланған «2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы шеңбериндеги илажда Ташкент қаласынан келген жоқары қәнигели шыпакерлер фондтың Қарақалпақстан Республикасы филиалының көшпели медициналық патронаж бригадасы хызметкерлери менен биргеликте республикамыздың ең шетки «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында халықты тереңлестирилген медициналық тексериўден өткереди. Соның менен бирге, аймақ турғынларына, республикамыздағы бир қатар емлеў мәкемелерине, арнаўлы мектеп-интернатларына, «Меҳрибанлық», «Мириўбет» үйлерине улыўма баҳасы 2  миллиард 844,9 миллион сумлық азық-аўқат, кийим-кеншек, дәри-дәрмақ, медициналық әсбап-үскенелер, санитария-гигиеналық буйымлар тапсырылады.

Еслетип өтимиз, ГФР ның «Friedensdorf International» ҳәм «Tovarish-Hilfe fuer kinder» шөлкемлери, АҚШ тың  «Resource ahd Policy Exchange», «AmeriCares», «Toms Shoes» шөлкемлери, республика «Өнерментлер» бирлеспеси, «Sharq nashryoti»акционерлик жәмийети, , «Jahon invest plast», «Chori plast», «Agro bio kimyo», «Best care industries», «B.H.T», «NAVROZ-PTK» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери ҳәм басқалар илаждың қәўендерлери болып табылады.

«Саламатлық» поезды республикамызда 26-апрельге шекем болады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.