Быйылғы жылы республикамызда Вьетнам мәмлекети менен балықшылық тараўындағы бирге ислесиў шеңберинде еки заводты иске түсириў режелестирилмекте.

Усы жылдың  28-февраль ҳәм 6-март күнлери аралығында республикамыз делегациясының Вьетнам Республикасына сапары ўақтында  «Қарақалпақбалықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, Өзбекстан Республикасы Салыгершиликти раўажландырыў илим-изертлеў институты ҳәм усы мәмлекеттиң 1-санлы аквакультура илим-изертлеў институты арасында  тәбийий ҳәм жасалма көллерде интенсив және қәпес усылларында, салы майданларында балық жетистириўди раўажландырыў, Арал теңизи ултанындағы артемия цистасын қайта ислеў, оны жасалма усылда көбейтиў бойынша еки жыллық меморандумға қол қойылды. Жумысшы топар ағзалары Вьетнам аўыл хожалығы ҳәм аўылларды раўажландырыў министрлигинде, аўыл хожалығы илим-изертлеў институтында, Хао Бинь провинциясындағы суў сақлағышта интенсив усылда балық жетистиретуғын фермер хожалықларында, 1-санлы аквакультура илим-изертлеў институтында болып, илимпазлар, қәнигелер, фермерлер менен ушырасты. Алдағы ўақытлары бирге ислесиў бойынша пайдалы пикир алысыўлар болды.

«Қарақалпақбалықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети басшыларының атап өткениндей, меморандумға ҳәм сапар даўамында басқа да инвесторлар менен ерисилген келисимлерге муўапық, усы мәмлекет ўәкиллери апрель-июнь айлары аралығында республикамызда болып, тәбийий ҳәм жасалма суў бассейнлеринде, жабық ҳәм айланба системасында, интенсив ҳәўизде, қәпес ҳәм салы майданларында балық жетистириў бойынша алдыңғы тәжирийбелери менен ортақласады.

Вьетнамлы қәнигелер менен биргеликте қурылатуғын заводтың бириншисинде саатына 10 тонна аралас жем ислеп шығарылса, екиншисинде артемия цистасы қайта исленип, оннан таяр өним ислеп шығарылады. Соны айрықша атап өтиў керек, бул өним фармацевтика, косметология, биологиялық актив қосымталарда (БАД) кеңнен қолланылса, қалдығы аралас жемге араластырылса, оның жуғымлылығы артады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.