Арқа-Батыс әскерий округине қараслы әскерий бөлимде академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери оқыўшылары арасында «Бургут» әскерий спорт жарысының республикалық басқышы болып өтти.

Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Дене тәрбиясы ҳәм спорт, Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў, Мәденият министрликлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў, Қорғаныў басқармалары менен биргеликте шөлкемлестирилген илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет, жаслар арасында миллий ойынларымызды кеңнен үгит-нәсиятлаў, олардың физикалық жақтан шыныққан, бәркамал әўлад болып жетилисиўи ушын шараятлар жаратыў,  әскерий кәсипке болған қызығыўшылығын арттырыўдан ибарат.

Илажға аймақлық басқышларда жеңимпаз болған бес команда қатнасып, шебер мерген, тосқынлықлардан атлап жуўырыў, жәбирлениўшиге биринши жәрдем көрсетиў, миналастырылған майданда ҳәрекет етиў, сапта жүрип қосық айтыў,  жасырын пароллар менен ислесиў, әскерий атақлардың түри ҳәм лаўазымлар, «Өзбекстан белгилери», қарсылас топардың байрағын ийелеў шәртлери бойынша өзлериниң билимлерин сынақтан өткерди.

Жарыс жуўмағында  Төрткүл банк колледжиниң «Тынышлық қалқаны» командасы биринши, Шоманай педагогика ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер  колледжиниң «Туран» командасы екинши, Нөкис медицина колледжиниң «Лашын» командасы үшинши орынларды ийеледи.

-Жаслардың әскерий хызметке болған қызығыўшылығын арттырыўда бул жарыс айрықша әҳмийетке ийе,-дейди Төрткүл банк колледжи «Тынышлық қалқаны» командасының сәрдары Бекзод Ражаббаев.-Командамыздың ағзаларынан Зухра Аллакулова, Манзура Нурханова, Шерзод Мадаминов, Абдужалил Раззақов ҳәм басқалар өзлериниң билими, шаққанлығы ҳәм епшиллиги менен көзге түсти. Бизлерди жарысқа таярлаған устазларымыз  Айбек Атаниязов, Акмал Абдикаримов, Өзбекстан жаслар аўқамы Төрткүл районлық кеңеси қәўендерлигиндеги «Камалак» балалар шөлкеминиң баслығы Дилшадбек Якубовларға өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Жарыс қатнасыўшыларына Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң диплом ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.