Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 1718-апрель күнлери аралығында Тақыятас социал-экономикалық ҳәм педагогикалық колледжинде спорттың аўыр атлетика түри бойынша ер адамлар және  ҳаял-қызлар, сондай-ақ, 23 жасқа шекемги жаслар ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 100ге шамалас  спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланды. Атап айтқанда, ер адамлар ҳәм 23 жасқа шекемги жаслар арасында 56кг салмақта М.Қыдырбаев, 62кг салмақта А.Қәдиримбетов, 69кг салмақта Р.Дәўлетбаев, 77кг салмақта Ж.Алланиязов, 85кг салмақта Ж.Розыбаев, 94кг салмақта А.Қутлымуратов, 105кг салмақта Ҳ.Қозыбаев, +105кг салмақта Т.Шымбергеновлар, ал ҳаял-қызлар ҳәм 23 жасқа шекемги қызлар арасында 48кг салмақта Н.Турғанбаева, 53кг салмақта У.Кәримбаева, 58кг салмақта А.Жарылқағанова, 63кг салмақта Ж.Муқанова, 75кг салмақта М.Мақсетбаева, 90кг салмақта Д.Базарбаева, +90кг салмақта Ү.Қәллибековалар бириншиликти ийеледи.

Сондай-ақ, чемпионатқа 23 жастан үлкен жастағы ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар да қатнасты. Олардан,  56кг салмақта Э.Баймуратов, 62кг салмақта Д.Өтебаев, 69кг салмақта Т.Узақбаев, 77кг салмақта И.Рузыбаев, 85кг салмақта А.Машарипов, 94кг салмақта Қ. Мәмедаманов, 105кг салмақта М.Муратбаев, +105кг салмақта Т.Оразбаевлар, ҳаял-қызлар арасында болса, 48кг салмақта З.Узақбергенова, 53кг салмақта Р.Сәрсенбаева, 58кг салмақта А.Қәллибекова, 63кг салмақта Г.Мақсетбаева, 69кг салмақта М.Жамалатдинова, 75кг салмақта Қ. Қуўанышбаевалар жеңимпаз деп табылды.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

                     

      

Қарақалпақстан хабар агентлиги