Бухара ўәлаятында 19-апрель күни Қандым газди қайта ислеў комплексиниң иске түсирилиўине бағышланған мәресим болып өтти.

Өзбекстан узақ мүддетли жойбарларды әмелге асырыў имканиятын беретуғын бай углеводород резервлерине ийе. Есап-санақларға бола, Орайлық Азияда барлық минерал резервлердиң үштен бир бөлеги Өзбекстан аймағында жайласқан. Елимиз газ қазып шығарыў бойынша дүньяның дәслепки жигирмалығына киреди.

Бүгинги күнде Өзбекстан нефть-газ санааты тек ғана жер асты байлықларын қазып алыў емес, ал қайта ислеў ҳәм өним ислеп шығаратуғын комплекслер системасына айланды. Бул тармақта санаат жоқары дәрежеде раўажланып, ишки ҳәм сыртқы базарда талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм сатыў бойынша бир қатар ири кәрханаларды бирлестирди.

Ҳәзирги басқышта тармақтың тийкарғы экономикалық бағдарларынан бири углеводород шийки затын терең қайта ислеў ҳәм оннан қосымша қунға ийе өнимлер ислеп шығарыў, шет ел инвестицияларын тартыў және экспорт географиясын кеңейтиў болып есапланады. Бул бағдардағы жойбарларды әмелге асырыў ушын елимизге нефть ҳәм газ қазып шығарыўда жетекши болған бир қатар ири шет ел компаниялары тартылмақта. Россияның «Лукойл» нефть компаниясы менен биргеликте «Қандым-Хаузак-Шоди-Қоңырат» өнимди бөлистириў келисими шеңберинде қурылған Қандым газди қайта ислеў комплекси солардан бир болып табылады.

Қандым газди қайта ислеў комплекси мүддетинен 8 ай бурын қурып питкерилгенин атап өтиў зәрүр. Буннан саррас еки жыл бурын 2016-жыл 19-апрельде Қандым газди қайта ислеў комплекси қурылысының басланыўына бағышланған мәресим болып өткен еди. Комплекс ҳәм инфраструктура объектлерин қурыўда 10 мыңға шамалас жумысшы-қәниге қатнасты. Кәрхана пайдаланыўға тапсырылыўы менен 2 мыңнан аслам турақлы жумыс орны жаратылды.

Қандым газди қайта ислеў комплекси қурамына газ қазып алыў ҳәм жыйнаў системасы, еки газди қайта ислеў технологиялық тармағы, өнимлерди жүклеў ҳәм тасыў ушын терминаллар, магистрал газ қубыры арқалы тәбийғый газди экспорт етиў ҳәм инженерлик және энергоресурслар менен тәмийинлеў қурылмалары киреди. Бул жерге газ еки тәбийғый газ жыйнаў пунктине бирлесирилген 114 қудықтан келеди.

Комплектиң иске түсирилиўине бағышланған мәресимде Россия Федерациясы энергетика министри Александр Новак, «Лукойл» компаниясының президенти Вагит Алекперов, дипломатиялық корпус, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, заводтың жумысшы-инженерлери, жаслар, миллий ҳәм шет ел ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Мәресимде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық әмелге асырылып атырған жумыслар санааттың жетекши бағдарларын избе-из раўажландырыўға хызмет етип атырғаны нәтийжесинде жанылғы-энергетика тармағына тиккелей шет ел инвестициялары жедел тартылып атырғанын атап өтти. Атап айтқанда, Қандым газди қайта ислеў комплекси Өзбекстан менен Россияның бирге ислесиўи барлық салаларда жедел раўажланып атырғанының айқын көриниси екенин атап өтти.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң қутлықлаўын усы елдиң энергетика министри Александр Новак оқып еситтирди.

«Лукойл» компаниясының президенти Вагит Алекперов, Қандым газди қайта ислеў комплексиниң инженери Шахзод Қурбонов, нефть-газ тараўының ветераны Комил Фозилов бул сәне елимиз ушын тарийхый күн екенин, шөлдеги әжайыпатқа айланған бул комплекс Өзбекстанда аймақлардың экономикасын раўажландырыўға, халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылып атырған реформалардың нәтийжеси екенин атап өтти.

Буннан соң Қандым газди қайта ислеў комплекси жумысына старт беретуғын символикалық түйме басылды.

– Биз бүгин оғада әҳмийетли ўақыяның гүўасы болдық, – деди Россия Федерациясының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Владимир Тюрденов. – Мен еки жыл бурын, мине, усы комплекстиң тырнағы қойылған күнди қанаатланыўшылық пенен еслеймен. Қандым жойбары Өзбекстанның экономикасында айрықша орын ийелейди. Президент Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, Қандым комплекси Өзбекстанға тек тәбийғый шийки зат пенен шекленип қалмастан, оны терең қайта ислеў бойынша да үлкен имканият жаратады.

– Бул үлкен санаат кәрханасы Өзбекстан, Россия ҳәм Корея Республикасының табыслы бирге илесиўиниң айқын үлгиси болып есапланады, – деди Корея Республикасының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Квон Ёнг У. – Қандым комплекси Өзбекстанда газден өнимли пайдланыў, оны экспорт етиў көрсеткишлерин арттырыўға салмақлы үлес қосады, табыслы әмелге асырылған бул жойбар басқа тараўларды модернизациялаў ҳәм раўажландырыў процесинде кореялы инвесторлардың қатнасы артыўына үлкен түртки береди, деп ойлайман.

Жуўмақлап айтқанда, Қандым газди қайта ислеў комплексиниң иске түсирилиўи Өзбекстанда газ кәнлерин өзлестириўде жаңа басқышты баслап берди. Өзбекстан экономикасының жетекши тармақларынан бири болған нефть-газ саласының раўажланыўы елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығы және де артыўында әҳмийетли фактор болады.

Мәмлекетимиз басшысы комплекстиң технологиялық процесин көзден өткерди. Лаборатория ҳәм орайлық басқарыў пультинде болды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Бухараға сапар етиўи даўамында ўәлаят ҳәм районлардың ҳәкимлери, хожалық бирлеспелериниң басшылары, жуўапкер адамлар менен мәжилис өткерди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысының усы жыл 16-17-февраль күнлери ўәлаятқа сапар етиўи барысында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы додаланды.

*   *   *

Усы күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев Наўайы ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп ўәлаяттағы төрт сектор басшылары, шөлкемлер ҳәм ведомстволардың жуўапкер адамлары менен сөйлести. Онда Президентимиздиң усы жыл 2-март күни ўәлаятқа сапар етиўи ўақтында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы көрип шығылды. Ўәлаяттың социаллық-экономикалық потенциалын арттырыў, халықтың турмыс абаданлығын жоқарылатыўға қаратылған ўазыйпалар белгилеп алынды.

Шавкат Мирзиёев «Наўайыазот» акционерлик жәмийетиниң жумысы менен танысты. «Наўайыазот» акционерлик жәмийети 1964-жылы иске түсирилген. Кәрханада аўыл хожалығы, нефть-газ тармағы, энергетика ҳәм таў-кән санаатының зәрүрлиги ушын 70 тен аслам түрдеги өним ислеп шығарылады. Ўақыттың өтиўи менен технологиялық үскенелер ҳәм қурылмалар физикалық және руўхый жақтан гөнерди. Көп муғдарда электр энергиясы ҳәм басқа да тәбийғый ресурсларды жумсаў есабынан өним ислеп шығара баслады. Яғный пайдалы жумыс коэффициенти бүгинги дәўирге улыўма сәйкес келмей қалды. Усы тәреплери итибарға алынып, кәрханада басқышпа-басқыш модернизациялаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, жәмийет аймағында үш ири инвестициялық жойбар – Поливинилхлорид (ПВХ), каустикалық сода ҳәм метанол ислеп шығарыў, Аммиак ҳәм карбомид ислеп шығарыў ҳәм Азот кислотасын ислеп шығарыў кәрханаларының қурылысы қызғын даўам етпекте. Бул кәрханаларға заманагөй, үнемлеўши технологиялық үскенелер орнатылады.

Президентимиз жаңа объектлердеги дөретиўшилик жумыслар менен танысты, қурылысшылар, шет ел инвесторлары менен пикирлести.

Поливинилхлорид (ПВХ), каустикалық сода ҳәм метанол ислеп шығарыў жойбарының улыўма нырқы 500 миллион АҚШ долларынан артады. Қурылыс жумысларын Қытайдың «China CAMC Engineering CO.LTD» ҳәм «HQC (Shanghai)» компаниялары консорсиумы ҳәм елимиз қәнигелери әмелге асырмақта.

Кәрхана пайдаланыўға тапсырылғаннан соң, жылына импорттың орнын басатуғын 100 мың тонна поливинилхлорид, 75 мың тонна каустикалық сода, 300 мың тонна метанол таярланады. 900 ден аслам жумыс орны жаратылады. Өнимниң 50 проценттен зыятын экспорт етиў нәзерде тутылған.

Қурылыс жумысларында 197 заманагөй техника, 1280 жумысшы мийнет етпекте. Кәрхананы маман хызметкерлер менен тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылмақта. Бул жерге орнатылатуғын заманагөй үскенелерди басқарыў ушын елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелеринде инженер-технолог, механик, энергетик, экономист ҳәм бағдарламашылар таярланбақта. Жумысшылардың тийкарғы бөлеги Наўайы қаласындағы кәсип-өнер колледжлеринде таярланады.

Мәмлекетимиз басшысы усы сыяқлы ири өндирис кәрханаларының елимиз экономикасындағы орнына тоқтап, қурылыс жумысларын тез ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша жуўапкер адамларға тапсырмалар берди.

«Наўайыазот» акционерлик жәмийетиниң бар энергияны жумсаўы жоқары болған аммиак ислеп шығарыў 1-2-гезеклерин эксплуатациядан шығарыў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, Аммиак ҳәм карбомид ислеп шығарыў бойынша улыўма нырқы 985 миллион доллар болған жойбар әмелге асырылмақта. Қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң бул жерде жылына 660 мың тонна аммиак, сондай-ақ, 577,5 мың тонна карбомид алыў, олардан таярланатуғын минерал төгинлердиң түрин арттырыў мүмкиншилиги пайда болады. 500 ге шамалас жумыс орны жаратылады.

Япониялы бирге ислесиўшилер «Mitsubishi Heavy Industries, Ltd”, “Mitsubishi Corporation» компаниялары менен биргеликте қурылып атырған комплексти 2020-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

Акционерлик жәмийетиниң азот ислеп шығарыў бойынша бурынғы 1-2-гезеклери де эксплуатациядан шығарылмақта. Яғный келеси жылы және бир жойбар – Азот кислотасын ислеп шығарыў комплексиниң қурылысын жуўмақлаў режелестирилген. Техникалық экономикалық тийкарларға муўапық улыўма нырқы 216,6 миллион долларға тең бул өндирислик объекти Швейцарияның «CASALE SA»  компаниясы тәрепинен қурылмақта. Бул жерде жылына 500 мың тонна өним таярлаў мүмкин болады, 122 жумыс орны жаратылады.

Усы сыяқлы ири өндирис кәрханаларында мийнет ететуғын тәжирийбели инженер ҳәм жумысшы-хызметкерлерди таярлаўға айрықша итибар қаратыў зәрүр. Керек болса, оларды шет елдеги кәрханаларға жиберип, тәжирийбе алмасыўын ҳәм маманлығын арттырыўын жолға қойымыз тийис, деди Шавкат Мирзиёев.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршылары