Ҳүрметли дослар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, сизлерди Қандым газди қайта ислеў комплекси қурылысы жуўмақланғаны ҳәм оның иске түсирилиўи мүнәсибети менен өткерилип атырған бүгинги салтанатлы мәресимде қутлықлап, усы үлкен ўақыя менен шын жүректен қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Биринши гезекте Россия Федерациясы Президенти ҳүрметли Владимир Владимирович Путинге Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды кеңейтиў және беккемлеў мәселелерине турақлы әҳмийет берип, үлкен итибар қаратып атырғаны ушын миннетдаршылық билдиремен.

Әне усындай әҳмийетли қоллап-қуўатлаў себепли бундай кең көлемли жойбар тек ғана еки жылда әмелге асырылды.

Қандым комплексиниң иске түсирилиўи, әлбетте, халықларымыздың абаданлығына ҳәм Өзбекстанның социаллық-экономикалық раўажланыўына хызмет етеуғынын айрықша атап өтиўди қәлер едим.

Бүгинги имканияттан пайдаланып, Россия Федерациясы Ҳүкиметине ҳәм Россия Федерациясы энергетика министри мырза Александр Валентинович Новакқа, «Лукойл» компаниясы басқармасының баслығы мырза Вагит Юсуфович Алекперовқа, «Хундай Инжиниринг» компаниясының президенти мырза Сонг Санг Рокқа, Россия Федерациясы ҳәм Корея Республикасының Өзбекстан Республикасындағы елшилерине ҳәм басқа да шериклеримизге, елимиздиң және шет ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине биз ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе болған усы илажда қатнасып атырғаны ушын өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен.

Қәдирли мийманлар!

Биз Өзбекстанда қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясының нәтийжели ҳәм кең көлемде әмелге асырылып атырғаны санааттың жетекши тармақларын жедел раўажландырыўға хызмет етпекте.

Елимизге тиккелей шет ел инвестицияларының ағымы көбеймекте, шет елли шериклер менен барлық тармақлар, соның ишинде, жанылғы-энергетика комплекси бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиўимиз кеңеймекте.

Өзбекстанда инновациялық экономиканы қәлиплестириў бойынша сапа жағынан жаңа басқышта әмелге асырылып атырған структуралық реформалар шеңберинде биз нефть-газ санаатын раўажландырыўға айрықша итибар қаратып атырмыз.

Бүгинги күнде тармақта әмелдеги активлердиң нәтийжелилигин арттырыў, жоқары технологияларға тийкарланған қүдиретли өндирис базасын жаратыў, углеводород шийки затын қазып алыў көлемин көбейтиў, оны терең қайта ислеў тийкарында жоқары қосымша қунға ийе болған жаңа түрдеги таяр өнимлерди ислеп шығарыўға ҳәм олардың экспортын шөлкемлестириўге қаратылған сиясат избе-из әмелге асырылмақта.

Үлкен көлемдеги инвестиция портфели ҳәм бай шийки зат базасы бизге, ең алдынғы билимлерди ҳәм оғада нәтийжели технологияларды енгизиўге айрықша әҳмийет қаратқан ҳалда, тараўды комплексли раўажландырыўға өтиў имканиятын берди.

Ҳүрметли дослар!

Биз Өзбекстанда өз-ара исеним ҳәм қоллап-қуўатлаў, еки тәреп ушын да пайдалы және улыўма мәплерди есапқа алыў принциплери тийкарында қәлиплескен Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды жоқары баҳалаймыз және қәдирлеймиз.

Бизиң жоқары дәрежедеги ушырасыўларымыздың нәтийжесинде ерисилген келисимлер еллеримиздиң көп қырлы әмелий бирге ислесиўин және де раўажландырыў ушын оғада кең мүмкиншиликлер жаратты ҳәм оны жаңа басқышқа көтерди.

Россия бизиң саўда ҳәм инвестиция тараўындағы ең ири дәстүрий бирге ислесиўшилеримиз болып табылады. Ҳәзирги күнде өз-ара саўда көлеми үзликсиз артып бармақта, биргеликте үлкен әҳмийетке ийе инвестициялық бағдарламалар менен жойбарлар әмелге асырылмақта.

Россияның жетекши энергетика компаниялары ҳәм банклери менен шерикликте бирге ислесиўмиздиң локомотивине айланған нефть-газ тараўында үлкен жойбарларды әмелге асырып атырмыз.

Тәбийғый газ ҳәм нефть жеткерип бериў бойынша келисимлер табыслы орынланбақта, жоқары маман қәнигелер таярлаў бағдарында өз-ара нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған.

Бизиң ўақыт ҳәм турмыс сынағынан өткен тийкарғы, стратегиялық шеригимиз – энергетика тараўында дүньяда жетекши орынды ийелейтуғын «Лукойл» компаниясы болып табылады.

Биз көп жыллардан берли нәтийжели бирге ислесип киятырмыз. Қандым топарына киретуғын кәнлер, Хавузак ҳәм Шоди, Қубла-батыс Хисор кәнлерин қазыў ҳәм өзлестириў бойынша жойбарларды биргеликте әмелге асырғанымыз буның айқын мысалы болып есапланады.

Өткен айда Өзбекстанда «Лукойл» компаниясының биринши жанылғы қуйыў шақапшасы иске түсирилди.

Ол бизиң шериклигимиз нәтийжесиниң айқын мысалы болып, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўдиң табыслы раўажланыўына хызмет ететуғынын айрықша атап өтпекшимен.

Бизиң биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиз бәринен бурын елимиздиң тәбийғый байлықларынан ақылға уғрас  ҳәм нәтийжели пайдаланыўға, жоқары технологияларға тийкарланған ҳәм экспортқа бағдарланған өндирис кәрханаларын иске түсириўге және жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған.

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Буннан саррас еки жыл бурын 19-апрель күни биз сиз бенен усы объекттиң тырнағын қойыўға бағышланған мәресимде қатнасып, бул жойбар қурылысының басланыўына старт берген едик.

Биргеликтеги ис-ҳәекетлеримиз ҳәм қәнигелердиң жоқары шеберлиги себепли Орайлық Азиядағы ең ири қурылмалардан бири болған бул комплекс қысқа мүддетте қурып питкерилди.

Өзлестирилген инвестициялардың көлеми 3 миллиард доллардан асқанын айрықша атап өтпекшимен.

Қурылыс «Хундай Инжиниринг», «Поско» ҳәм «Джи-Эс», «Энтер Инжиниринг» сыяқлы дүньяға белгили компаниялар менен биргеликте әмелге асырылды. Онда  «БАСФ», «Якобс», «Ханивелл» ҳәм басқа да көплеген шет ел жетекши компанияларының алынғы технологиялары, илимий қолланбалары енгизилди. Бул қурылысқа жоқары маман шет ел қәнигелери де тартылды.

Сизлердиң бәршеңизге усы кең көлемли жойбарды табыслы әмелге асырыўға қосқан үлесиңиз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирмекшимен.

Бул жойбардың әҳмийети бийбаҳа екенин атап өтиў орынлы.

Комплекстиң пайдаланыўға тапсырылыўы жылына 8 миллиард куб метрден аслам тәбийғый газ қазып алыў ҳәм оны қайта ислеў, тазаланған товарға қолайлы газ ҳәм 130 мың тоннадан зыят турақлы газ конденсатын алыў имканиятын береди.

Ең әҳмийетлиси, 2 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары, заманагөй социаллық инфраструктура тармақлары жаратылды.

Бул бағдарда комплекс қурылысында қатнасқан мыңлаған жас қәнигелер алдынғы технологиялық шешимлер ҳәм жоқары халықаралық сапа стандартлары тийкарында ең ири өндирис объектлерин жедел қурыў бойынша заманагөй усылларды өзлестиргени, бул жерде арттырған көнликпелери менен тәжирийбесин келешекте елимизде жаңа жойбарларды әмелге асырыўда қолланыў имканиятына ийе болғаны үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

Ҳүрметли мийманлар ҳәм мәресим қатнасыўшылары!

Пурсаттан пайдаланып, бизиң досларымызға ҳәм шериклеримизге, көп санлы қәнигелерге, инженер ҳәм қурылысшыларға, өзиниң пидәкерлик мийнети ҳәм кәсиплик шеберлиги менен усы заманагөй санаат комплексин қурыўға үлес қосқан барлық инсанларға және бир мәрте өзимниң шын жүректен миннетдаршылығымды билдиремен.

Әлбетте, бүгин иске түсирилип атырған, өзиниң көлеми ҳәм технологиялары бойынша бийбаҳа болған Қандым газди қайта ислеў комплекси бизиң барған сайын беккемленип атырған бирге ислесиўимиздиң ҳәм шериклигимиздиң және бир тымсалына айланады, елимиздиң жедел социаллық-экономикалық раўажланыўына хызмет етеди.

Итибарыңыз ушын рахмет.