Соңғы пайытлары тиккелей Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында   республикамыздың Мойнақ районында үлкен дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Бул бағдарда  Президентимиздиң 2017-жыл 28-февральдағы «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районының экономикалық раўажланыўын ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-2803-санлы қарары әҳмийетли қолланба болмақта.

Усы қарардың орынланыў шеңберинде мойнақ халқын социаллық жақтан қоллап қуўатлаў ҳәм мәдений дем алыў илажларын шөлкемлестириў мақсетинде 22-июль күни Мойнақ районлық мәденият сарайында және Қызыл жар посёлкасында Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилетуғын илаж шеңберинде Өзбекистан Халық артистлери З.Байханова, А.Исмаилов, Г.Мамазаитова, аға-инили Яхия ҳәм Муқсин Муминовлар және жас эстрада қосықшыларының қатнасыўында концерт бағдарламасы болып өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги