«Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам тийкарында «Журналистлик хызметти қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның 9 статьясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Нызам 7-1-статья менен толықтырылды. Сондай-ақ, 16-статьяда көрсетилген нормалар нызамның 2-статьясына көширилгени себепли алып тасланды. Бул ҳаққында «Инсон ва қонун» сайты хабар бермекте.

Нызамның цензураға жол қойылмайтуғынлығы ҳаққындағы 4-статьясы жаңа редакцияда берилген:

«Өзбекстан Республикасында ғалаба хабар қуралларының цензура етилиўине жол қойылмайды. Ҳеш ким журналисттен жәрияланып атырған хабарлар ямаса материаллардың алдын ала келисип алыныўын, сондай-ақ, олардың текстиниң өзгертилиўин ямаса пүткиллей жәриялаўдан алып тасланыяын (эфирге берилмеўин) талап етиў ҳуқықына ийе емес».

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.